Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты  Гүлбәҳәр  Байжановаға өзи сайланған аймақ турғынларынан мүрәжат келип түсти.

Мүрәжатта 60 хожалықтан ибарат «Наўрыз» көшесиниң  турғынлары өзлерине тийисли үй қапталы қыйтақ жерлерин суўғарыўда суў мәселеси қыйнап атырғанлығын мәлим етип, усы машқаланы шешип бериўде әмелий жәрдем сораған.

Бул бойынша депутат тийисли мәкемелерге депутатлық сораўнама жиберди ҳәм аймақ турғынларының үй қапталы қыйтақ жерлери ушын ақаба суў алып келиниўи мақсетинде районлық Ирригация бөлими тәрепинен 1 километрлик жап қазып берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги