Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны 2020-жыл 1-октябрь жағдайына муўапық, 1 миллион 916 мың 100 адамды қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы хабар берди.

 

Республикамыз халқы усы жылдың басынан берли 17,8 мың адамға ямаса 0,9 процентке көбейген.

 

Соннан қала халқының саны 938,6 мың адам (49,0%), аўыллық жерлердеги халық саны 977,5 мың адам (51,0%) ды қураған.

 

2020-жылдың январь-сентябрь айларында 28,2 мың бала туўылған болып (бул жерде тири туўылғанлар есапқа алынған), сәйкес түрде ҳәр мың адамға салыстырғанда туўылыў коэффициенти 19,8 промиллени қурады.

 

Бул 2019-жылдың усы дәўирине салыстырғанда туўылыў көрсеткишлери 1,0 промиллеге аз екенлигин көрсетеди. 2019-жылдың январь-сентябрь айларында Қарақалпақстанда бул көрсеткиш 20,8 промиллени қураған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.