Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев көпшилик ата-аналар айырым жоқары оқыў орынлары тәрепинен 1-курсқа қабыл етилген студентлерге контракттиң кеминде 50 процентин төлеўи кереклиги, болмаса оларды студентликке қабыллаў ҳаққындағы буйрық шығарылмайтуғынлығы, контрактти төртке бөлип төлеў бойынша қағыйда тек ғана жоқарғы курс студентлерине тийисли екенлигин мәлим еткени бойынша мүрәжатлар көбейгенлигин жәриялады.

 

Мәлим етилиўинше, жоқары оқыў орынларының бундай талабы надурыс. Өйткени, Мәмлекетлик комиссияның қарарында:

 

«белгиленген төлем муғдарының кеминде 25 процентин студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын 15-сентябрьге шекем ямаса Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен белгиленген мүддетке шекем және екинши ҳәм оннан кейинги басқыш студентлери ушын 1-октябрьге шекем ямаса жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен узайтылған мүддетке шекем әмелге асырылады», – деп көрсетилген.

 

Бул жерде жазылғанларынан көринип турғанындай, төртке бөлип төлеў қағыйдасы 1-курсларға да тийисли. Демек, 1-курслар да 25 процентин төлеў ҳуқықына ийе ҳәм олар 25 процентин төлегенде студентликке қабыллаў бойынша ректордың буйрығы шығарылады.

 

Сондай-ақ, Мәмлекетлик комиссияның қарарындағы «15-сентябрь» сәнеси де көпшиликти албыратып қойды, яғный тест сынақлары кеш өткерилди, нәтийжелер де соған жараса, кеш жәрияланды, деп мүрәжат етиўшилер де көбейген.

 

Быйылғы жылы пандемия себепли кириў имтиханларының кеш өткерилиўи себепли Мәмлекетлик комиссия контракт төлеў мүддетин 1-ноябрьге шекем узайтты.

 

Буннан усындай жуўмаққа келиўимиз мүмкин, 1-ноябрьге шекем контракт пулының 25 процентин төлеген абитуриентлерди студентликке қабыл етиў бойынша буйрық шығарылады.

 

1-ноябрьге шекем контракттиң 50 процентин төлеў мәжбүрий емес, ықтыярлы болып табылады.

 

Бирақ, супер контрактта оқыў нийетинде болғанлар контракт пулының 50 процентин 1-декабрьге шекем төлеп болыўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.