Усы жылдың 31-октябрь күни саат 16:40 лар шамасында Нөкис қаласы «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши ишки айланба жолының 4Р-191-автомобиль жолының 5-километринде 1996-жылы туўылған, Нөкис қаласының турғыны И.А. өз басқарыўындағы «Shacman» маркалы жүк автомобилинде жоқары тезликте киятырып усы жолдың белгиленбеген жеринен велосипедте кесип өтип атырған Нөкис қаласы турғыны, 1998-жылы туўылған Қ.С.ны дүгип кеткен. Бул ҳаққында ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызмети хабар берди.

Жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде пуқара Қ.С. көрсетилген биринши медициналық жәрдемге қарамастан емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.

 

ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығының биринши орынбасары Батыр Хожанов ҳәм басқарманың жол қадағалаў бөлими инспекторы Шуҳрат Кәримбаевлардың мәлим етиўинше, ўақыя жүз берген ўақытта ишки айланба жолының Өтепов көшеси менен кесилиспесиндеги светофор жасылды көрсетип турған. «Shacman» маркалы жүк автомобилиниң басқарыўшысы жасылда өтпекши болып ҳәрекетленип киятырғанда велосипед басқарып киятырған пуқара оның алдынан шыққан.

«Shacman» басқарыўшысының айтыўынша, ол велосипед басқарыўшысын көрген ҳәм оны қағып кетпеўи ушын автомобильди оңға бурмақшы болған. Бирақ, оң тәрепте ишинде жолаўшылары болған «Damas» автомобили бар екенлигин көрген. Ақыбетинде жүк автомобили велосипедли пуқараны дүгип кеткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.