Ҳүрметли Баслық Мырза!

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Арқа экономикалық бирге ислесиў екинши халықаралық форумының барлық қатнасыўшыларын қутлықлаў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Корея Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Мун Чже Инге коронавирус ақыбетлерин биргеликте жеңип өтиў ҳәм шериклигимизди кеңейтиў мәселелерине бағышланған усы әҳмийетли илажда қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Жер жүзиндеги қыйын жағдай ҳәм глобал кризис шараятында мине усындай ҳәр тәреплеме сөйлесиў жаңа қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы турыў ушын имканият жаратып, мәмлекетлеримиз турақлылығы, абаданлығы ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Биз Өзбекстанда Корея Республикасы Президентиниң кең Евроазия мәканында қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди  беккемлеўге қаратылған «Жаңа арға сиясаты»н жоқары баҳалаймыз.

Регионаллық сиясаттың ең әҳмийетли тәреплери ҳәм бирге ислесиўимиздиң перспективаларына қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Бириншиден. COVID-19дың глобал көлемде тарқалыўы регион мәмлекетлери арасында тығыз муўапықласыў ҳәм кең халықаралық бирге ислесиў болыўы зәрүрлигин көрсетти.

Кореялы ҳәм басқа да шериклеримизди Өзбекстанда усы кеселликке қарсы гүресиўде жәрдем бергени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Биргеликтеги жумысларды төмендеги бағдарларда даўам еттириўди усыныс етемен:

– Корея компаниялары менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған фармацевтика кластери тийкарында нәтийжели вакцина ҳәм сыворткалар, кеселликлерди  тез ҳәм анық диагнозлаў системаларын ислеп шығыў;

-заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў ҳәм шегараларымыздағы санитария қадағалаў пунктлерин модернизациялаў;

-Корея Республикасының жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң қатнасыўында эпидемиолог ҳәм вирусолог врачларды таярлаў;

-медициналық шығындыларды утилизациялаў кәрханаларын шөлкемлестириў;

-регионда эпидемиологиялық жағдайды мониторинг етиў ҳәм ерте болжаўдың интеграцияласқан системасын енгизиў.

Екиншиден. Биз Корея Республикасын елимизге санлы ҳәм «жасыл» технологияларды келтириўде тийкарғы бирге ислесиўшилерден бири деп билемиз.

Бүгинги күнде Кореяның жетекши компания ҳәм банклериниң қатнасыўында Өзбекстанда жоқары технологиялық тармақларда онлаған ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Биз кореялы инвесторлардың жумысын буннан былай да ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз ҳәм хошаметлеймиз.

Сондай-ақ, Сеул қаласында болып өтетуғын «Жасыл» раўажланыў ҳәм 2030-жылға шекем глобал мақсетлер ушын шериклик халықаралық саммитинде белсене қатнасыўға таярмыз.

Үшиншиден. «Жаңа арқа сиясат»тың избе-из әмелге асырылыўы нәтийжели транспорт жолларын раўажландырыўдың актуал әҳмийетин көрсетпекте.

Бул бойынша сөз болғанда, бәринен бурын, Транссибирь магистралы ҳәм «Қубла Европа-Қубла Қытай» жолы маршрутларын регионымыздағы жаңа темир жоллар қурыў жойбарлары менен өз-ара байланыстырыў зәрүрлигин атап өтиў керек.

Бундай шараятта Корея ярым атаўы Тыныш океаны регионын Орайлық ҳәм Қубла Азия еллери менен байланыстыратуғын оғада әҳмийетли коммуникация көпири болып хызмет етиўи мүмкин.

Усы бийбаҳа имканиятларды экспертлер дәрежесинде көрип шығыўды усыныс етемиз.

Төртиншиден. Шериклигимизди беккемлеўде «Орайлық Азия  – Корея Республикасы» форумы әҳмийетли роль атқарады.

Оның шеңберинде жаңа баслама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта, инвестициялар, инновациялар, транспорт, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў кеңейип бармақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде бирге ислесиўимизди жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығыў және Форум мәжилисин мәмлекетлеримиз ҳүкиметлериниң басшылары қатнасыўында өткериўге объектив зәрүрлик сезилмекте.

Биргеликте, «Орайлық Азия – Корея Республикасы» форумын тийкарғы бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыўдың тәсиршең механизмине айландыратуғынымызға исенимим кәмил.

Бесиншиден. Президент Мун Чже Инниң Корея ярым атаўында беккем тынышлыққа ерисиў бағдарындағы жедел ҳәрекетлерин Өзбекстан ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды және оларға регионаллық ҳәм глобал  қәўипсизликти тәмийинлеўге әҳмийетли үлес сыпатында қарайды.

Биз Орайлық Азияда ядролық қуралдан жырақ аймақ жаратыў бағдарында теңсиз тәжирийбе топладық.

Өзбекстанның басламасы менен алға қойылған тийисли шәртнама қатнасыўшылар арасында қурамалы келисиў процесинен өтип, ең ири ядролық мәмлекетлердиң зәрүр кепилликлерин алған.

Бүгинги күнде бул шәртнама Орайлық Азияда ядролық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжели сиясий ҳуқықый механизми болып есапланады.

Кеңнен тәжирийбе алмасыў мақсетинде Ядролық қуралсызланыў, ядролық қуралдан жырақ аймақлар жаратыў мәселелери бойынша халықаралық экспертлик форумын өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Корея Республикасы Өзбекстан Республикасының айрықша әҳмийетке ийе, исенимли стратегиялық шериги болып есапланады.

Еллеримиз арасындағы дипломатиялық, саўда ҳәм мәдений байланыслар бир неше мың жыллық тарийхқа ийе.

Дослығымыз халықларымыздың уқсас менталитети, миллий қәдириятлары ҳәм дәстүрлерине тийкарланған.

Өзбекстандағы көп санлы корейс диаспорасы бузылмас байланысларымызды беккемлеп турыўатуғын әҳмийетли факторы болып есапланады.

Бул пуқараларымыз мәмлекеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.

Сөзимниң жуўмағында және бир мәрте исеним менен айтпақшыман: бүгинги форум еллеримиздиң узақ мүддетли ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин пүткил регионның тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында раўажландырыў ушын жаңа перспективалар ашып береди.

Итибарыңыз ушын рахмет.

ӨзА