Социаллық тармақларда 2020-2021-оқыў жылында жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў 2-ноябрь сәнесинен басланатуғынлығы ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бул хабарлардың ҳеш қандай рәсмий тийкарға ийе емес екенлигин мәлим етип билдиреди.

 

Ҳәзирги жағдай көпшилигимиз қатары жуўапкер уйымлардан да оғада сергек болыўды талап етпекте. Ең алды менен, дәстүрий оқыўды баслаў бойынша шығарылатуғын қарар қандай нәтийжелерди келтирип шығарыўы ҳаққында ҳәр тәреплеме үйренип шығыў зәрүрлигин көрсетпекте. Ҳәр тәреплеме ойланып көрмей, қарар қабыл етилсе, ақыбетинде студентлер арасында кеселликтиң көбейип кетиўине алып келип, кейин буны ҳеш ким тоқтата алмай қалыўы мүмкин.

 

Ҳақыйқатында да, елимизде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм улыўма билим бериў мектеплерине карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда басқышпа-басқыш өз жумысларын баслаўға рухсат берилмекте. Студентлер бақша ямаса мектеп жасындағы балалардан анағурлым өз ис-ҳәрекетлерине жуўап бере алатуғынлығы да белгили. Деген менен, жоқары билимлендириў системасын мектепке шекемги билимлендириў ямаса улыўма орта билим бериў системасы менен салыстырыўға болмайды.

 

Сонлықтан да, 2020-жыл 2-ноябрь күнинен баслап жоқары оқыў орынларында, соның ишинде, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында дәстүрий оқыў басланыўы ҳаққындағы тийкарсыз хабарларға исенип қалмаўыңызды сораймыз.

 

Биз жағдайды толық үйренип ҳәм баҳалай отырып, дәстүрий оқыўды баслаў бойынша анық бир тоқтамға келгеннен кейин бул ҳаққында рәсмий веб-сайтымыз ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий каналларымыз, сондай-ақ, басқа түрдеги ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялаймыз.

 

Бунда студентлерге оқыўға таярлық көриўи ушын ўақыт кереклигин де есапқа алып, алдын ала жәриялайтуғынлығымызды мәлим етип билдиремиз.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети.