Республикамызда усы жылдың 9 айы даўамында 9660,0 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, санаат өндириси индекси өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,5 процентти қурады. Жәми санаат өнимлериниң 79,6 проценти ири кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған.

Статистикалық есаплаўлар бойынша усы жылдың 9 айында киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен ислеп шығарылған санаат өнимлери 1222,1 миллиард сум муғдарында (жәми санаат өнимлери көлеминиң 12,6 проценти) баҳаланған ҳәм бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда санаат өндириси индекси 121,6 процентти қурағанлығын көрсетеди.

– Сондай-ақ, жеке исбилерменлер ҳәм үй хожалықлары тәрепинен ислеп шығарылған санаат өнимлериниң көлеми 752,2 миллиард сум муғдарында (7,8 процент) есапланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы санаат статистикасы бөлиминиң баслығы Муҳаббат Қурбанова. -Өнимлердиң ең үлкен бөлеги өндирислик (қайта ислейтуғын) кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған болып, өндирис көлеми 8307,3 миллиард сумды, жәми санаат өнимлериниң өндиристеги үлеси 86,0 процентти қурады.

Сондай-ақ, есабат дәўиринде, жәми санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминде электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў хызмет түри бойынша 1217,6 миллиард (жәми санаат өнимлериниң өндиристеги үлеси 12,6 %), таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў хызмет түри бойынша 81,6 миллиард (0,8 %), суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды утилизациялаў хызмет түри бойынша 53,5 миллиард сумлық (0,6 %) өнимлер ислеп шығарылды.

2020-жылдың январь-сентябрь айларында өндирислик санаат кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 8307,3 миллиард сумды яки жәми ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 86,0 процентин қурады.

Өндирислик санаат қурамында жоқары технологиялы тармақтың үлеси 0,8 процент, орта-жоқары технологиялы тармақтың үлеси 63,9 процент, орта-төмен технологиялы тармақтың үлеси 5,1 процент ҳәм төмен технологиялы тармақтың үлеси 30,2 процентти қурады.

Өз гезегинде, өндирислик санаатта өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда портландцемент 1,8 есеге, тазаланған гүриш 1,6 есеге, жумсақ бийдай уны 21,0 процентке артқанлығын ҳәм карбонат динатрия 2,8 процентке, арақ-вино өнимлери 22,1 процентке, бийдай наны 77,6 процентке ҳәм макарон өнимин ислеп шығарыў өткен жылға салыстырғанда  76,4 процентке азайғанлығын көриўимиз мүмкин.

Таў-кән санаатында ислеп шығарылған өнимлердиң түри бойынша ҳәк тас қазып алыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 30,3 процентке артқанлығын, газ конденсаты 9,1 процентке ҳәм тәбийий газ 8,7 процентке азайғанлығын көриўимиз мүмкин.

Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ақаба суўларды жоқ етиў, транспортировкалаў ҳәм қайта ислеў бойынша хызметлер 16,0 процентке, суўды қайта ислеў ҳәм суў тармақлары бойынша бөлистириў хызметлери 10,9 процентке және қәўипсиз шығындыларды жыйнаў бойынша хызметлер 2,7 процентке артқан.

Усы жылдың январь-сентябрь айларында 1747,9 миллиард сумлық тутыныў товарлары ислеп шығарылып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104,5 процентке өскен. Атап айтқанда 1004,8 миллиард сумлық азық-аўқат өнимлери, 651,4 миллиард сумлық азықлық емес өнимлер ҳәм 91,7 миллиард сумлық вино-арақ өнимлери ислеп шығарылды.

Санаат өндириси көлеми қурамында ең көп үлес Нөкис қаласы (жәми өндирис көлеминиң 56,9 %ти), Тақыятас (11,8 %),  Қоңырат (4,8%), Хожели (3,4%), Әмиўдәрья (2,7%) ҳәм Төрткүл (2,5%) районларына туўра келеди.

Сондай-ақ, тутыныў товарлары көлеминиң ең үлкен бөлеги Нөкис қаласы (жәми тутыныў товарлары көлеминиң 20,4%), Хожели (8,5%), Төрткүл (8,2%), Елликқала (7,6%), Беруний (7,6%), Қоңырат (7,0%)  ҳәм Қанлыкөл (6,4%) районларында ислеп шығарылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги