Усы жылдың сентябрь айында Билимлендириў инспекциясы тәрепинен жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте перзентлери мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде билим ҳәм тәрбия алып атырған тәрбияланыўшылардың ата-аналары ҳәм усы шөлкемлердиң басшылары арасында сораўнама өткерди.

Билимлендириў инспекциясы тәрепинен үйренилгенде мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери пандемия шараятына тез бейимлесе алғаны, дәстүрий ҳәм аралықтан оқытыў бирдей шөлкемлестирилип атырғаны мәлим болды. Бул шөлкемлерде билимлендириў процесслери санитариялық-эпидемиологиялық қағыйдаларға қатаң бойсынған ҳалда шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, жеке меншик бақшаларда балалардың наўқасланып қалыўының алдын алыў ушын ҳәр бир топар өз алдына көшеде сейил етиўи, аўқатланыўы ҳәм ҳәр қыйлы ўақытта ҳәўлиде ойнаўы жолға қойылған.

Балада ямаса оның шаңарақ ағзаларының биреўинде кеселлик анықланса аралықтан оқытыўға өтиледи. Буннан тысқары ата-аналар өзиниң қәлеўине қарай баласын аралықтан оқытыўға өткериўи мүмкин. Аралықтан оқытыўда заманагөй мәлимлеме-технологиялары жәрдеминде онлайн шөлкемлестирилип, арнаўлы электрон платформалар арқалы тәрбияланыўшыларға үйге ўазыйпалар берилиўи, сабақларды қалай өзлестирип атырғаны қадағалап барылмақта.

-Усы жылдың 29-мартынан бүгинги күнге шекем мектепке шекемги билимлендириў системасында аралықтан оқытыў бойынша халықаралық платформадан пайдаланылып келинбекте, -дейди «Арал» мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң баслығы Гөззал Камалова. – Шөлкемимизде ҳәр бир топардың тәрбияшысы бул  жерге ҳәр бир тәрбияланыўшысын киргизип, тийкарғы шынығыўларды, тексериў жумысын таслаў ҳәм тәрбияланыўшылардың нәтийжелерин анық көрип отырыў имканиятына ийе болды. Быйылғы жылдың 15-августынан дәстүрий түрдеги тәлим-тәрбия жумысларын басладық.

Бүгинги күнде ҳәр бир мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң өз алдына қойған мақсетлери, қәдириятлары бар. Бул шөлкемлерде ҳәр бир балаға шахс сыпатында қаралады. Оқыў бағдарлары, жойбарлар баланың топарда ислеўи, сын ҳәм креатив пикирлей алыўы сыяқлы оның тәжирийбе ҳәм көнликпелерин раўажландырыўға хызмет етеди.

Пандемия шараятында билим ҳәм тәрбия бериў бойынша бул мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги тәжирийбе енди мәмлекетлик бақшаларға да енгизиледи. Елимизде билимниң сапасын арттырыўға, бәсекилик орталығын жаратыўға жеке сектор да жәрдем бериўи мүмкин.

Атап айтқанда, Қарақалпақстанда мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери системасы енди раўажланбақта. Соңғы 3 жылда олардың саны 6 есеге артты. Бүгинги күнде республикада 68 усындай шөлкем дизимге алынған болып, оларда  6 мыңнан аслам бала тәрбияланбақта. Бирақ, бул еле жетерли дәрежеде деп айта алмаймыз. Сол ушын системаның раўажланыў имканиятлары жоқары. Өткен дәўир билимлендириўде инновациялар жаратыў ҳәм бул арқалы билимлендириў тараўындағы хызметкерлерди хошаметлеў мүмкиншилигин көрсетти. Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны артқан сайын өза-ара бәсеки орталығы қәлиплеспекте.

Тараўға енгизилип атырған жаңалықлардың барлығы балаларға сапалы билим бериў, оларды ҳәр тәреплеме жетик инсан етип тәрбиялаўға қаратылған.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы