ӨзР Ишки ислер министрлигиниң хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта социаллық тармақлардың өзбек сегментинде ҳәр қыйлы радикал, диний экстремистлик ҳәм ислам динине жат болған идеяларды үгит-нәсиятлаўшы мағлыўматлар тарқалмақта.

 

Сол себепли министрлик социаллық тармақлардың пайдаланыўшыларын ҳәр қыйлы радикал, диний экстремистлик ҳәм ислам динине жат болған идеяларды үгит-нәсиятлаўшы мағлыўматларды таярлаў, сақлаў ҳәм тарқатыў Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 156-статьясы (Миллий, расалық, этникалық ямаса диний келиспеўшилик пайда етиў), 244-прим 3-статьяларында (Диний мазмундағы материалларды нызамға қайшы тәризде таярлаў, сақлаў, алып кириў ямаса тарқатыў) белгиленген жуўапкершиликке тартылыўына себеп болыўы ҳаққында ескертеди.

 

Жоқарыда атап өтилгенлерди есапқа алған ҳалда, министрлик социаллық тармақлардың пайдаланыўшыларын (журналист, блогер ҳәм пуқаралар) ғалабалық аудиториялар итибарына усынылып атырған мағлыўматлардың ең алды менен нызамға қайшы келмейтуғынлығын үйренип шығыўын сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.