Президентимиздиң «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекет етеди» принципин  әмелде орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Архив жумысы ҳәм жумыс жүргизиў тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы  усы жыл 19-август күнги қабыл етилген қарарына тийкарланып «Мийнет ҳақыны ҳәм мийнет стажын тастыйықлаў ҳаққында»ғы архив мағлыўматнамасын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Бул регламент физикалық тәреплерге ямаса олардың жақын туўысқанларына мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеген ўақтындағы мийнет ҳақысына байланыслы ҳәм ислегенлиги ҳаққындағы мийнет стажына байланыслы мағлыўматларды бериў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў тәртибин белгилейди.

Бунда арза бериўши мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса электрон тәртипте бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы дизимнен өтеди.

Арза бериўши исеним хат тийкарында ҳәрекет етип атырған болса сораўнамаға нотариал тастыйықланған исеним хат нусқасы қосымша талап етиледи.

Мәмлекетлик хызметтен пайдаланғанлығы ушын жыйым өндирилмейди. Арза бериўши Мәмлекетлик хызметлер орайына келип мүрәжат еткеннен соң сораўнама тийисли болған  мәмлекетлик архивке электрон тәризде жибериледи.

Мәмлекетлик архивке сораўнама келип тускен ўақыттан баслап мийнет стажын тастыйықлаўға байланыслы мағлыўматлар 5 жумыс күнинен, мийнет ҳақыны тастыйықлаўға байланыслы мағлыўматлар ушын 20 жумыс күнинен аспаған мүддетте тийисли мағлыўматларды қәлиплестиреди.

Ҳәзирги күнде бул хызметтен бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz)  арқалы жибериў имканияты жаратылған.

 

Г.Халмуратова,

                                          Нөкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайының қәнигеси

 

Қарақалпақстан  хабар агентлиги