Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Академиялық лицейде «Өзбекстан-мениң бахтым, мениң келешегим!» атамасындағы шығармалар таңлаўының республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаў тийкарынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Үзликсиз руўхый тәрбия концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы орта арнаўлы билим бериў мектеплериниң  аймақлық басқышта жеңимпаз болған 6-11-класс   оқыўшылары қатнасты.

Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, өзбек тили ҳәм әдебияты кафедарасының профессор-оқытыўшылары төрешилик етип, әдил баҳаларын берди.

Таңлаў жуўмағында Төрткүл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы М.Базарбаева биринши, Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы А.Қайыпбергенова, Елликқала районлық  Халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Ҳ.Қаландарова екинши, Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп интернатының 10-класс оқыўшысы Л.Нурполатова,  Тахтакөпир районындағы 3-санлы қәнигелестирилген мектептиң  11-класс оқыўшысы К.Сағынбаева ҳәм Мойнақ районындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектептиң  7-класс оқыўшысы А.Алимова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазларға Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы