Аўыл-хожалығы тараўындағы жумыслардың сапалы алып барылыўы, мийнеткеш дийқанлардың машақатлы мийнетлери арқасында пахта атызларында мол өним топланды.

Қараөзек районының пахтакешлери быйылғы жылғы белгиленген пахта тапсырыў режесин орынлады.

Фермер хожалықлары тәрепинен мол өним жетилистирип, мәмлекетке 8400 тонна пахта тапсырылып, оның көпшилик бөлеги жоқары сортларға  сатылды.

Пахтаны қысқа мүддетте  сапалы етип терип алыўда  фермер хожалығы ағзалары  ҳәм теримшилерге барлық қолайлы жағдайлар жаратылды.

Районның бәлент қырманына «А.Досназаров», «Есимөзек», «Мәденият» хожалықлары шәртнама режесин бириншилерден болып орынлаўға еристи.

Ҳәзирги күнде районның фермер хожалықларында пахта жыйын-терим мапазы нәтийжели даўам етпекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы