Усы жыл 19-октябрь күни Президентимиздиң басшылығында өткерилген 2021-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет параметрлерин додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде, бюджетти қәлиплестириўде жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлерин және де кеңейтиў, соннан, аймақлар өзи ушын қосымша резервлерди анықлаўы, олардың есабынан орынлардағы машқалаларды шешиўи, сондай-ақ, бюджет қәрежетлериниң ашық-айдын болыўы, министрликлер менен мәкемелер қаржылардан мақсетке муўапық пайдаланыўы туўралы бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Олий Мажлис Сенатының басламасы менен «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам жойбарын додалаўға бағышланған семинар-мәжилис болып өтти.

Республикамыздың қала ҳәм районлары менен видеоконференц тәризинде  өткен семинар-мәжилиске Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ўәкили, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары ҳәм Жоқарғы Кеңес комитетлериниң, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслердеги турақлы комиссиялардың  басшылары қатнасты.

Мәжилисти сенатор У.Жалменов алып барды.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик бюджет департаменти бөлим баслығының орынбасары М.Аниёзов, Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министри М.Садиқовлар шығып сөйлеп, салық-бюджет сиясатындағы тийкарғы өзгерислер ҳәм «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам жойбары туўралы кең түрде түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, Нызам жойбарында биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге Республика бюджетинен ажыратылатуғын қаржылардан пайдаланыў тәртиплери белгиленген.

Мәмлекетлик бюджеттиң турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде тийкарғы салық ставкалары сақланып қалынады. Яғный, қосымша қун салығы 15, пайда салығы 15, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 12, юридикалық тәреплерге мүлк ушын салынатуғын салық 2, айланыстан алынатуғын салық 4 процент муғдарында болады.

Пандемия шараятында айырым салықлардың ставкалары 2020-жылда индексацияланбады. 2021-жылда алкоголь өнимлери 2 басқышта, яғный 1-февральдан орташа 13,5 процент, 1-октябрьден орташа 7 процентке, сигарет 2 басқышта, яғный, 1-февральдан орташа 5,2 процент, 1-октябрьден орташа 7,6 процент, бензин, дизель жанар майы ҳәм суйықланған газ (пропан) 1-февральдан 22 процентке, қысылған газ (метан), бензинлер (Аи-80, Аи-90, 92, 93, 95 ҳәм оннан жоқарысы) ҳәм ЭКО дизель жанар майы 15 процентке индексацияланады. Цемент ушын 10 процентлик акциз салығы киргизилмекте ҳәм жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкасы азайтылмақта.

Сондай-ақ, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкалары 15 процент етип индексацияланады.

2021-жылғы аймақлық бюджет дәраматларында дерлик өзгерис болмайды. Тек ғана цемент шийки заты ҳәм ҳәк өндириў мақсетинде жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық жергиликли бюджетке қалдырылады. 2021-жыл ушын дәраматлар прогнозы 1457,6 миллиард сум етип белгилениўи күтилмекте. Мәмлекетлик инспекциялардың қадағалаўында туратуғын, республика бюджетине салық төлейтуғын ири мәкемелер дизиминде өзгерислер болыўы күтилип атырған жоқ.

Бул мәселелер жергиликли бюджетлер үстинен қадағалаў, депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўда еле толық пайдаланылмаған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм бюджет қаржыларының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде депутатлардың белсендилигин арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилис қатнасыўшылары пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты аппараты басқарма баслығының орынбасары Х.Ганжаев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Хабибуллаевтың түсирген сүўретлери