Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Институт – уллы билим дәргайы» атамасында 2020-2021-оқыў жылына қабыл етилген 1-курс студентлерине гүўалық тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.

 

Илажды институттың жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров алып барды.

 

Салтанатлы илажда институт ректоры Б.Отемуратов 2020-2021-оқыў жылында институттың бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм  магистратура қәнигеликлерине оқыўға кирген 1-курс студентлерин жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, алдағы оқыўына табыслар тиледи.

Жаңа оқыў жылының басланыўын билдиретуғын рәсмий гилтти 1-курс студентлерине тапсырды.

 

Буннан соң быйылғы оқыў жылында институтқа оқыўға қабыл етилген студент-жасларға студентлик гүўалықлары тапсырылды.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына  2019-2020-оқыў жылында 19 356 абитуриент, быйылғы 2020-2021-оқыў жылында 33 216 абитуриент ҳүжжет тапсырған болса, өткен оқыў жылында бакалавриаттың күндизги билимлендириў формасына 1840 студент қабыл етилгенлиги, ал быйылғы жылы бул көрсеткиш 2125 ке жеткенлигин атап өтиўимиз керек. Сондай-ақ, 2019-2020-оқыў жылында институтқа улыўма 19 қәнигелик бойынша 96 магистр қабыл етилген болса, быйылғы оқыў жылында 22 қәнигелик бойынша 110 магистр қабылланды.

 

Институт профессор-оқытыўшылары да шығып сөйлеп, институт тарийхы, жетискенликлери ҳәм қолға киргизилип атырған табыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

 

Илажда Ғәрезсизлик байрамы, Муғаллимлер ҳәм устазлар күни, сондай-ақ, басқа да таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеген жасларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Илаж институт талантлы жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.