Өзбекстанда 2020-жылдың 1-октябрь күнинен баслап тойханалардың жумысларына рухсат берилген. Бул ҳаққында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги жанындағы штабта шөлкемлестирилген брифингде Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги директорының биринши орынбасары, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Ботир Қурбонов мәлим етти, деп жазады «Daryo.uz».

 

«Коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалып кетиўиниң алдын алыў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 30-сентябрьдеги жыйналыс протоколына тийкарланып карантин илажларын жумсартыў мүнәсибети менен 1-октябрьден баслап тойханалардың жумысларына рухсат берилген», – деген Ботир Қурбонов. Оның атап өтиўинше, бунда «барлық имканиятларды иске салған ҳалда 100-200 адамға емес, шегараланған ҳалда 30 адамға үй шараятында өткерилген тойды тойханаларда өткериўге рухсат берилген».

 

«Бунда жақын ағайин-туўысқанлары, узақ районлар ямаса басқа аймақлардан мийман шақырылмаған ҳалда жақын ағайинлери қатнасыўында тойханаларда туўылған күн, той, мереке ҳәм басқа мәресимлерди өткериўге рухсат берилди. Оны да узақ ярым түнге шекем емес, коронавирус инфекциясының халық арасында тарқалып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде шегараланған ўақытта рухсат берилди», – деп айтып өткен қәниге, бирақ «шегараланған ўақыт» дегенде қайсы ўақыт аралығы қамтып алынғанына анықлық киргизбеген.

 

Еслетип өтемиз, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 5-сентябрьдеги қарары тийкарында тойханалардың жумысларына шеклеў сақланып қалынған еди.

 

Республикалық арнаўлы комиссияның 30-сентябрь күни болып өткен жыйналысы, онда 1-октябрьден тойханаларда той өткериўге рухсат бериў ҳаққында қарар қабыл етилгени ҳаққында усы күнге шекем ҳеш бир рәсмий дәреклерде мағлыўмат берилмеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.