Нәресте дүньяға келгенде, жақынларына умытылмас қуўаныш алып келиўи менен бирге, оның ата-анасына үлкен жуўапкершилик жүкленеди. Перзенттиң жақсы үмитлер менен атын қойғаннан кейин оған туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық алыныўы тийис. Айырым себеплер менен нәрестениң туўылғанлығын кешиктирип дизимге алыў жағдайлары да ушырасады.

Тийкарынан баланың туўылыўын дизимге алыў мәжбүрий болып, бул процесс оның туўылған жериндеги ямаса ата-анасының турақлы жасайтуғын орнындағы ПҲАЖ бөлимлеринде әмелге асырылады. Буның ушын бала туўылған күннен баслап бир ай даўамында аўызеки ямаса жазба түрде арза бериледи. Егер бала 16 жасқа толса да туўылғанлығы дизимге алынбаған болса, буның себеплери көрсетилген ҳалда арза толтырылып, баланың денсаўлығы, тәлим-тәрбия алып атырғанлығы, сол баланың туўылғаны ҳаққында тийисли акт жазыўы ПҲАЖ архивинен дизимге алынбағанлығы ҳаққындағы мағлыўматнамалар менен бирге туўылғанлығы ҳаққында медициналық мағлыўмат алып келинеди.

Пуқараларымыз арасында перзентине туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты алмағанлығы себепли оны мектепке, балалар бақшасына бере алмай жүргенлер көп ушырасады. Усындай жағдайлар инабатқа алынған ҳалда, Президентимиздиң «Бирде бир баланың туўылыўы дизимге алынбай қалмайды» деген басламасы тийкарында көплеген балаларға туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлар берилди. Тақыятас районында 16 жасқа кирсе де гүўалық ала алмай жүрген балалардың 2018-жылы 58ине, 2019-жылы 25ине, быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында 12сине гүўалықлар тапсырылды.

Бурын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 14-ноябрьдеги қарары 19-бәнтине муўапық, 16 жастан өткен, бирақ, туўылғанлығы дизимге алынбаған шахслардың машқаласы суд қарары тийкарында шешилетуғын еди. Енди Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 26-августтағы қарары бойынша, туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты алыў ушын судқа барып жүриў шәрт емес. Егер баланың туўылғанлығы ҳаққында   медицина мәкемесинен рәсмийлестирилген мағлыўматнама бар болса, ата-анасы ямаса оның орнын басатуғын шахстың ҳәм баланың өзиниң арзалары тийкарында бала дизимге алынып, гүўалық бериледи. Бул өз гезегинде туўылғанлығын рәсмийлестире алмай жүрген пуқараларға жеңиллик туўдырды. Соның менен бирге, адамлардың әўере-сарсаң болып жүриўин сапластырып, ҳүжжет толтырыў, нәўбетте турыў сыяқлы машқалалар азайды.

Елимизде алып барылып атырған сиясаттың баслы мақсети – пуқаралардың өмирден, жасаў шараятынан разылығын тәмийинлеў ушын қолайлы имканиятлар, шараятлар жаратыў болып табылады.

 

З.МАМБЕТШАРИПОВА,

Тақыятас районы ПҲАЖ бөлими баслығы ў.а.

Қарақалпақстан хабар агентлиги