Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң «Китаплар кәрўаны» Қараөзек районына жетип келди. Бул илаж Президентимиздиң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

«Китаплар кәрўаны» райондағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебине 29 атамадағы көркем әдебиятлар, энциклопедиялар, аўдармалар, балалар әдебияты үлгилеринен ибарат мыңға шамалас китапларды алып келген. Жәҳән ҳәм өзбек әдебиятының дүрданаларын китапқумарларға жеткериў, әсиресе, оқыўшы-жасларда китап оқыўға болған қызығыўшылықты және де арттырыў мақсетинде өткерилген дәслепки «Китаплар кәрўаны» акциясында жәми 29 атамадағы 2 мың 600 дана көркем әдебий китап Тахтакөпир ҳәм Төрткүл районларындағы улыўма орта билим бериў мектеплерине жеткерилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги