Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Айрықша жағдайлар басқармасының ўәкиллери бирге ислесиўши тараў қәнигелери менен биргеликте халық арасында кең түрде турақ жайларда ҳәм мәкеме, шөлкемлерде өрттиң келип шығыўының алдын алыў бағдарында түсиник жумысларын алып бармақта.

Жақында Қанлыкөл районында өткерилген усындай илажлардың биринде Айрықша жағдайлар бөлиминиң қәнигелери бүгинги күнде газ үскенелерин пайдаланыўда қағыйдаларға әмел етпеў өрттиң келип шығыўына ҳәм пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўине себеп болып атырғанын атап өтти.

Илажда қәнигелер пуқараларды өзлериниң турақ жайларын ысытыўда абайлы болыўға ҳәм ҳеш қашан жасалма ысытыў үскенелеринен пайдаланбаўға шақырып, үйлердеги түтин шығатуғын морыларды өз ўақтында тазалаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў арқалы өрттиң келип шығыўын ерте анықлаўға ҳәм жедел сапластырыўға жәрдем беретуғынлығын айтты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги