Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының басламасы менен Мойнақ районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Жасларды туристлик жумысына тартыў, алдағы ўақытларда районда туризмди және де раўажландырыў, туристлердиң санын көбейтиў жолында күшлерди бирлестириў мақсетинде өткерилген илажда шығып сөйлегенлер районда туризм тараўында нормативлик-ҳуқықый базаны және де жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, туроператорлар менен гидлердиң жумысының әҳмийети   ҳаққында жыйналғанларға кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, туризмди раўажландырыў ҳәм көплеп мийманларды елимизге тартыў ушын биринши гезекте тур өнимлериниң сапасын жақсылаўға итибар қаратыў керек. Усы мақсетте районда туристлик жумысқа  байланыслы ҳәр қыйлы имаратлар, саўда орынлары бой тиклемекте. Атап айтқанда, мийманханалар, «Өнерментлер аллеясы» орайы, Арал теңизиниң тарийхын сәўлелендириўши экспонатлар орын алған музей, заманагөй аэропорт жумыс ислемекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги