Өзбекстан Республикасы «Өнермент» ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  тәрепинен өнерментшиликти раўажландырыў мақсетинде жумыссыз ҳаял-қызларға «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында оқыў курсы шөлкемлестирилген болып, усы жылдың 27-октябрь күни оқыўды табыслы тамамлаған 17 ҳаял-қызларға «Сертификат» тапсырыў мәресими өткерилди.

Миллий өнерменшиликтиң сырларын үйретиў ушын быйылғы мәнзилли бағдарлама режесине киргизилген болып, Тақыятас районында «Кестешилик» бағдары бойынша, Нөкис қаласында «Қолда гилем тоқыў» бағдары бойынша 48 саатлық қысқа мүддетли оқыў курсы  болып шөлкемлестирилди.

– Бул оқыў курсы түрли миллетлердиң өзине тән өнерментшилик тармақларын раўажландырыў арқалы тараўға байланыслы исбилерменлик бағдарларын жолға қойыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў және пандемия шәраятында социаллық жағдайды ҳәм жасаў жағдайы төмен шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы оларға дәрамат дәрегин жаратыў болып есапланады, – дейди бирлеспе баслығы Дильфуза Алламбергенова. Бул оқыў курсын  тамамлаған  17 ҳаял-қыз, соннан 5 ҳаял-қызға «Өнермент» ассоциациясы ағзалығынан уста сыпатында дизимнен өтти. Қалған 12 си шәкиртлердиң тәжирийбесин арттырыў ушын уста өнерментлерге шәкирт сыпатында бириктирилип, оларға «Өнермент»  ассоциациясы тәрепинен шәкирт статусын бериўши гүўалықлар тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы