Өзбекстанда сентябрь айында сырт елден 9 электромобиль сатып алған.

2020-жылдың 9 айында Өзбекстанға сырт елден 82 электромобиль импорт етилген. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 59 ға көп.

Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, быйыл Қытайдан-52, Корея Республикасынан-12 және Германия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия Федерациясы  ҳәм Грузия сыяқлы мәмлекетлерден 17 электромобиль импорт етилген.

Мағлыўмат орнында, усы жылы импорт етилген электромобиллер ушын 2,1 миллион АҚШ доллары жумсалған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги