Бул ҳаққында МҒКАда тәлим-тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў, илим тараўын раўажландырыў мәселесинде қабыл етилиўи күтилип атырған Президент Пәрманы жойбарына бағышланған баспасөз әнжуманында Мектепке шекемги билимлендириў министриниң орынбасары Мақсуджон Йўлдошев мәлим етти.

Атап өтилиўинше, 2022-жыл 1-январьға шекем мектепке шекемги билимлендириў системасында заманагөй оқытыў түрлери, жаңа педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары енгизиледи.

Халықаралық стандартлар ҳәм талаплар тийкарында мектепке шекемги билимлендириў жасындағы балалардың раўажланыўын баҳалаў өлшемлери ҳәм көрсеткишлерин ислеп шығылады.

Балалардың өсиўи ҳәм раўажланыўы және мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў процесслерин мониторинг етиў бойынша мәлимлеме системасы иске қосылады ҳәм оған киргизилетуғын мағлыўматлардың ашық-айдынлығы тәмийинленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги