Өзбекстан жаслар ислери агентлиги  Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор Абатбай Данияров Тахтакөпир районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти ҳәм ата-аналар менен ушырасты.

Ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, педагог-қәнигелер менен қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти.  Соның менен бирге, тараўды буннан былай да жетилистириў, илим-билимлендириўди раўажландырыў бойынша қабыл етилиўи күтилип атырған пәрманның, елимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясатының мазмун-мәниси бойынша кең түрде түсиник берди.

Билимлендириўге қаратылып атырған кең имканиятларға қарамастан орынларда имканиятлардан нәтийжели пайдаланылмай атыр. Атап айтқанда, усы мектепти быйылғы оқыў жылында 31 оқыўшы питкерген болса, соннан тек 3 оқыўшы жоқары оқыў орнына кирген. Бунда мектеп жәмәәтиниң емес, ата-аналардың да айыбы бар десек, асыра айтқан болмаймыз. Сонлықтан да буннан тийисли жуўмақ шығарыўымыз, оқыўшыларыдың минез-қулқын, билим алыўға деген умтылысын, келешекке деген көзқарасын түпкиликли өзгертиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Себеби, жаслардың тәрбиясы ҳәм олардың келешеги ушын бәрше бирдей жуўапкер екенлигин умытпаўымыз тийис.

-Ушырасыўда оқыўшылардың билимли, жетик инсан болып ержетиўи ушын мектеп жәмәәти, ата-аналар ҳәи жәмийетлик шөлкемлер тығыз бирге ислескенде ғана унамлы нәтийже болатуғынлығы турмыслық мысаллар менен атап өтилди,-дейди илаж қатнасыўшысы Юлдузхан Спандиярова.-Ең баслысы, айырым ата-аналар өз перзентлериниң келешеги ушын жуўапкер екенлигин және бир мәрте сезинди.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги