Соңғы жылларда республикамызда қурылыс тараўы жедел раўажланып, экономикамыздың  әҳмийетли бир бөлеги болып бармақта. Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы тәрепинен усы тараўдың өсиў пәтлери ҳәм раўажланыў дәрежеси үйренилгенинде, ири қурылыс комплекслеринен тартып, оңлаў-жаңалаў жумыслары менен шуғылланатуғын киши кәрханаларда да халық ушын пайдалы жойбарлардың әмелге асырылып атырғанлығы көринди.

– Республикамызда өткен 9 ай даўамында  2912,9 миллиард сумлық қурылыс жумыслары орынланып, өсим пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,2 процентти қурады,-дейди басқарманың Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң бас қәнигеси Дилафруз Абдуллаева. – 2020-жыл 1-октябрь жағдайына қурылыс бағдарында жумыс алып барып атырған ҳәрекеттеги кәрхана ҳәм мәкемелердиң саны 2,3 мыңды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда  0,1 мыңға көбейди.

Ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумысларының көлеми 217,0 миллиард сумды қурап, өсим пәти  69,8 процент болды.

Сондай-ақ, 2020-жылдың 9 айы даўамында киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының көлеми көбейгенлиги көринди. Олардың  үлеси 77,6 процентти қурады. Бул өткен жылдың көрсеткишине салыстырғанда 11,1 процентке көп. Сондай-ақ, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 2260,1  миллиард сум муғдарында болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим пәти 117,7 процентке ерисилди.

Рәсмий болмаған сектор есабына туўра келген қурылыс жумыслары  жәми курылыс жумысларының 15,0 процентин қурап, 435,8 миллиард сум муғдарында есапланды. 2019-жылдың январь-сентябрь айларына салыстырғанда оның өсим пәти  67,9 процентти қурады.

Қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткиши үлесине
Нөкис қаласы (34,1 процент), Қоңырат (9,5 процент), Төрткүл (9,4 процент) ҳәм  Хожели (6,4 процент) районларына туўра келди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги