Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық көп жыллық нәтийжели мийнети, елимизде жәмийетлик қәўипсизликти,  халқымыздың тынышлығын сақлаў, турақлылықты беккемлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў  системасын жетилистириў  барысындағы айрықша хызмети ушын ишки ислер уйымларының бир топар хызметкерлери кәсиплик байрам алдынан орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Олардың арасында Қоңырат районы Ишки ислер бөлими жанындағы тергеў бөлимшесиниң баслығы  Аманбай Дәўлетбаев та бар. Оның ишки ислер уйымларындағы көп жыллық мийнети мүнәсип баҳаланып, «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

Майор Аманбай Дәўлетбаев тергеў тараўындағы көп жыллық хызмети даўамында өзин жуўапкершиликли, интизамлы, жетик қәниге ҳәм қәбилетли басшы хызметкер сыпатында көрсетип келмекте. Жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, сапалы тергеўди әмелге асырыў  барысында  басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте бир қатар унамлы жумысларды  әмелге асырып келмекте.

Қоңырат-тек республикамыздағы емес, ал, елимиздеги аймағы бойынша ең үлкен районлардың бири болып табылады. Сонлықтан да, пандемия тарқалыўы мүнәсибети менен карантин илажлары енгизилген дәслепки күнлерден баслап, бул бағдарда  шөлкемлестирилген мәкемелер аралық  жумысшы топар жумысларына белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, район бойынша мыңнан аслам наўқастың зыянланыў дәреклерин тез арада анықланыўын, елимизге сырт мәмлекетлерден кирип келген пуқараларды күтип алыў ҳәм карантин орынларына бөлистирилиўин тәмийинледи.

Ишки ислер уйымларының пандемияға қарсы гүресиў бойынша ҳәр тәреплеме талланған есабатлары менен ҳүжжетлерин таярлаў жумысы муўапықластырылып, бул бойынша мәлимлемениң турақлы түрде арнаўлы комиссияға ҳәм оператив штабқа берилиўи тәмийинленип келинбекте. Бунда   майор Аманбай Дәўлетбаев хызмети даўамында көрсеткен пидайылығы менен басшылардың ҳәм жеке қурамның ҳүрмет-итибарына ериспекте.

-Бул тек маған емес, елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында күни-түни хызмет атқарып киятырған жеке қурамымызға берилген сыйлық деп ойлайман,-дейди «Шуҳрат» медалының ийеси Аманбай Дәўлетбаев.-Мийнетимди баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен. Соның менен бирге бул итибар маған ҳәм бәрше жеке қурамға айрықша жуўапркершилик те жүклейди, деп есаплайман. Себеби, айырым мәмлекетлерде болып атырған тынышсыз жағдайлар ҳәр биримизден, соның ишинде, ишки ислер уйымлары хызметкерлерин бәрқулла қырағы болыўды талап етеди.

Президентимиздиң сәне мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурамын және де рухландырмақта. Қутлықлаўдағы «Егер мәмлекет сүйенетуғын тийкарғы үстин нызам болса, оның күшин әмелде көрсететуғын ең нәтийжели система бул-ишки ислер тараўы десек, әйне ҳақыйқат болады», -деген пикирлери тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетине берилген ылайықлы баҳа менен бирге жуўапкершилик болып есапланады. Соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде ишки ислер уйымларының жумысы ҳәр тәреплеме жетилисип бармақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы