Усы жыл 23-октябрь күни Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, секторлардың, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Сессияның күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе – Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 16-октябрь күни өткерилген селектор мәжилисинде додаланған азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базардағы баҳалардың турақлылығын сақлаў илажларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша берилген ўазыйпаларға бағышланды.

Атап айтқанда, ишки базарды азық-аўқатлық өнимлер менен толтырыў, баҳалардың турақлылығын сақлаў, бунда, ҳәр бир аймақ бойынша халыққа кейинги жылдың май айына шекем талап етилетуғын тийкарғы түрдеги азық-аўқатлық өнимлерге болған талабы, усы өнимлерди қашан, қай жерден алыў бойынша анық есаплаў ҳәм бул бойынша арнаўлы қарар қабыл етиў мәселелери болды.

Сессияда усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы район ҳәкими Ж.Ермашев мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, район ҳәкимлигиниң бул мәселелер бойынша усы жыл 19-октябрь күнги арнаўлы қарары қабыл етилген. Усы қарарға муўапық, 2020-2021-жыллар даўамында халықты үзликсиз түрде аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм бул бойынша әмелге асырылатуғын жумысларды шөлкемлестирип барыў мақсетинде район ҳәкими басшылығында жумысшы топар дүзилген. Оның қурамына райондағы сектор басшылары, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы, статистика бөлими ҳәм коммерциялық банклердиң районлық филиаллары басшылары киргизилген ҳәм ўазыйпалары анық белгилеп берилген.

Ҳәзирги ўақытта районда 123 мыңнан аслам адам жасамақта. Медициналық нормаларға тийкарланылатуғын болса, усы жылдың ноябрь айынан келеси жылдың май айына шекем, район турғынлары ушын 27422 тонна, соннан, 1727 тонна мал ҳәм қой гөши,  913 тонна қус гөши, 438 тонна балық, 3245 тонна картошка, 604 тонна гүриш, 4800 тонна ун,  679 тонна қумшекер, 12 миллион 833 мың дана мәйек, 561 тонна өсимлик майы, 413 тонна пияз, 1209 тонна гешир талап етиледи.

Усы талап етилетуғын 27422 тонна азық-аўқатлық өнимлердиң 25327 тоннасы районның ишки ислеп шығарыўы есабынан қанаатландырылады. Қалған 2095 тоннасы басқа ўәлаятлардан алып келиў есабынан толтырылады. Усы өнимлердиң алып келиниўин тәмийинлеў ушын тәмийнатшы кәрханалардың өз қаржылары менен бирге, 3 миллиард 48 миллион сумлық кредит қаржыларын өзлестириў де нәзерде тутылмақта. Барлық буўынлардағы жуўапкер хызметкерлер өз ўазыйпаларын толық орынласа Хожели районы өзин-өзи азық-аўқатлық өнимлер менен толық тәмийинлеў мүмкиншилигине ийе болады.

Ҳәзирги пандемия шараятында халықтың денсаўлығын сақлаў баслы мәселелердиң бири болып турған бир ўақытта, усындай илажларды өткериў, халқымыз ушын арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў, сол арқалы халқымыздың турмыслық шараятын жақсылаў баслы ўазыйпамыз болыўы тийис.

Сессияда усы бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслардың ең тийкарғы бағдарлары бойынша ең әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди.

Сессия қатнасыўшылары тәрепинен күн тәртибинен орын алған мәселелер  додаланып, пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар сектор басшыларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Сессияда усы ҳәм басқа да көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги