«EVRO KONSALTING» ҳәм «MDH EXPRESS CONSULTING» ЖШЖлардың жуўапкер тәреплерине Жынаят кодексиниң тийисли бәнти тийкарында жынаят иси ашылған. Бул ҳаққында «Kun.uz» хабаршысына аға тергеўши Г.Салиев мәлим еткен.

 

ҚР ИИМ жанындағы Тергеў басқармасының анықлаўынша, жоқарыда аты аталған 2 ЖШЖның жуўапкер тәреплери Россия ҳәм Қазақстанда жайласқан жоқары оқыў орынларында оқыўды қәлейтуғын пуқараларды оқыўға имтиханларсыз киргизиўге ўәде берген.

 

Бүгинги күнге шекем 178 абитуриенттен улыўма 621 млн 834 мың 683 сум муғдарындағы пул қаржылары алдаўшылық жолы менен алынғаны анықланған.

 

Ҳәзирги ўақытта жынаят иси бойынша дәслепки тергеў даўам еттирилмекте.

 

Жоқарыда атлары аталған ЖШЖлардан материаллық зыян көрген пуқаралар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасына мүрәжат етиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.