Кеше Өзбекстан аймағына Уралдан салқын ҳаўа ағымы кирип келди. Республика бойлап бултлылық дәрежеси артты. Өткен ыссы дәўир менен салыстырғанда ҳаўаның температурасы 8-10 градусқа төменледи.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, бүгин республикамыз аймағы салқын ҳаўа ағымы тәсиринде болады. Республикамыз аймағының көпшилик бөлегинде ҳаўа бултлы болады, жаўын-шашын болмайды. Температура 13-18 градус дөгерегинде болады.

 

Ертең ҳаўаның ағымы шығыс тәрепке жылысады. Елимиз аймағы үстинде бултлылық сақланып турыўы есабынан ертең температура  өзгермейди.

 

Екшемби күни қубла-батыстан келетуғын ағымлар есабынан салқын ҳаўа республикамыз аймағынан шегине баслайды. Республика бойлап ҳаўа райы алағат бултлы ҳәм қурғақ болады. Түнде температура 3-6 градус жыллы болады, күндиз 17-20 градусқа шекем ысыйды, бундай температура нормалық көрсеткишлерден бираз төмен болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.