Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңесиниң гезексиз V Пленумы күн тәртибине шөлкемлестириў мәселеси де киргизилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

 

Атап айтқанда, партия Сиясий Кеңеси баслығы Наримон Умаров Олий Мажлис Сенаты ағзасы және комитет баслығы етип тайынланғаны себепли өз арзасына муўапық лаўазымынан босатыў мәселеси көрип шығылды.

 

Пленумда «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси баслығы лаўазымына Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының вице-президенти Абдуҳалимов Баҳром Абдураҳимович сайланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.