Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Пәкистан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Шоҳ Маҳмуд Қурайший менен телефон арқалы сөйлести.

Сәўбетлесиў даўамында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм басқа да тараўлардағы Өзбекстан-Пәкистан қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективасы додаланды.

Аўғанстанды регионналық экономикалық процесслерге тартыў арқалы усы мәмлекетте тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы транспорт жолларын раўажландырыў және өз-ара саўда көлемин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сыртқы ислер кабинетлериниң басшылары халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин көрип шықты.

Тәреплер улыўма күн тәртибндеги басқа мәселелер бойынша да пикир алысты.

 

ӨзА