Грузия европалы бирге ислесиўшилер менен муўапықласыў ҳәм келисимлерден кейин 2024-жылы Евроаўқамға ағза болып кириў ушын арза бермекши.
Мәмлекеттиң сыртқы ислер министри Давид Залкалиани «Радио Имеди» эфиринде усындай пикирди айтты.
«Биз бул басқышқа барыў ушын әҳмийетли жумысларды әмелге асырдық, бул даўамлы ҳәм оғада әҳмийетли процесс» деди министр.
Оған шекем, Грузия Евроаўқам талапларына тән тәризде виза тәртибин либералластырыў, еркин саўда ҳәм басқалар бағдарындағы ҳәрекетлери себепли Грузия мине усындай басқышқа жақынласпақта.
ӨзА