2020-жыл 21-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс форматында өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлар басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Усы жалпы мәжилис жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде және «Узрепорт» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Сенат ағзалары тәрепинен 17 мәселе, соның ишинде, 4 нызам додаланды.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Конституциялық нормаға бола Қарақалпақстан Республикасы ўәкили Сенат Баслығының орынбасарларынан бири болып есапланады. Сол мүнәсибет пенен Президентимиз тәрепинен сенатор Мурат Қаллибекович Камаловты Сенат Баслығының орынбасары лаўазымына сайлаў ҳаққында усыныс киргизилген.

Мурат Камалов 1955-жылда Нөкис қаласында туўылған. Жоқары мағлыўматқа ийе ҳуқықтаныўшы сыпатында көп жыллар даўамында жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислеген.

Усы жылы сентябрь айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты етип,  2-октябрь күни Жоқарғы Кеңестиң   мәмлекетимиз басшысы қатнасыўында болып өткен гезексиз сегизинши сессиясында Жоқарғы Кеңестиң Баслығы етип сайланған.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен М.Камаловтың кандидатурасы бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Нызам талапларына муўапық жасырын даўыс бериў жолы менен сенатор Мурат Қаллибекович Камалов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары етип сайланды.

Соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелерине байланыслы жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Ҳәммемизге белгили, Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы экологиялық жағдай ақыбетлери тең ғана Өзбекстан ямаса Орайлық Азия регионы емес, ал әлле қашан глобал көлемдеги машқалаға айланып үлгерген. Арал мәселесине болған қатнас анық нәтийжелерге ерисиў көзқарасынан түп-тийкарынан өзгерди. Қала берсе мәмлекетимиз басшысы еки мәрте БМШ Бас минберинен турып дүнья жәмийетшилигиниң итибарын усы мәселеге қаратты.

Аралбойы регионы халқының турмыс шараятлары ҳәм сапасын жақсылаўға бағдарланған 2017-2021-жыллары Аралбойы регионын раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды. БМШтың Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бдойынша ҳәр тәреплеме шериклик траст фонды дүзилди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Аралбойы халықаралық инновация орайы шөлкемлестирилди. Аймақта 2 миллион гектар жасыл майдан қурыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы жақында Жоқарғы Кеңес сессиясында Қарақалпақстан Республикасын келеси үш жылда раўажландырыўдың 10 тийкарғы бағдарын белгилеп берди.

Арал машқаласының унамсыз тәсирин жумсартыў усы тийкарғы бағдарлардың бири етип белгиленгенин атап өтиў орынлы.

Сондай-ақ, Президентимиз Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелерине байланыслы бир қатар басламаларды алға қойды. Министрликлер ҳәм уйымларға аймақты раўажландырыўға байланыслы анық ўазыйпалар жүкленди.

Бул бойынша парламентлик қадағалаўды күшейтиў мәселесине де айрықша итибар берилди. Яғный, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың (бағдарламалар) орынланыўын сол орынға шыққан ҳалда үйрениў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың есапларын тиккелей аймақтың өзинде тыңлаў әмелиятын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте сенаторлар усы басламаларға сәйкес түрде және Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетин шөлкемлестирип, усы Комитеттиң Режесин тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң баслығын сайлаў және усы Комитет қурамы ҳаққындағы мәселелер де көрип шығылды.

Комитет баслығы лаўазымына сенатор Борий Ботирович Алихановтың кандидатурасы усыныс етилди.

Б.Алиханов көп жыллар Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети, кейин ала Экологиялық партия жетекшиси ҳәм парламент ағзасы сыпатында нәтийжели жумыс алып барған. Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған миллий ҳәм халықаралық көлемдеги жойбарлар, бағдарламаларды әмелге асырыўда белсене қатнасқан. Әсиресе, бул бағдардағы нызамшылықты беккемлеўге үлкен үлес қосқан.

Буннан тысқары, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп киятырған сенатор, Батыр Джолдасович  Матмуратовты Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары лаўазымына өткериў усыныс етилди.

Батыр Джолдасович билимли, тәжирийбели юрист, үлкен турмыс мектебин өтеген басшы сыпатында елимизде суд-ҳуқық системасын жетилистириў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында өз потенциалын толық көрсете алды. Қала берди, ол Қарақалпақстан Республикасының ўәкили болып есапланады ҳәм усы аймақтың пәс-бәлентин, әсиресе, Аралбойы аймағындағы ҳақықый жағдайды жақсы биледи.

Мәжилисте Борий Ботирович Алихановты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң баслығы, Батыр Джолдасович Матмуратовты болса Комитет баслығының орынбасары етип сайлаў, сондай-ақ, Комитет қурамын сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Усы Комитет баслығына сенатор Нариман Маджитович Умаров кандидатурасы усыныс етилди.

Н.Умаров потенциаллы, тәжирийбели, мийнетсүйгиш ҳәм талапшаң инсан. Ол Ҳүкимет уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм сиясий шөлкемлер, соның ишинде, парламенттеги көп жыллық нәтийжели жумысы менен халқымыз ҳәм жәмийетшилик арасында жетерли дәрежеде абырайға ийе.

Мәжилисте сенаторлар Нариман Маджитович Умаровты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы етип сайлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының айырым комитетлериниң ағзалары ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Соң «Қымбат баҳалы металлар ҳәм қымбат баҳалы таслар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-майдағы «Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы усы нызамды таярлаўға тийкар болған.

Мәжилисте усы нызам Сенат комитети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелери және экспертлер тәрепинен көрип шығылыў процесинде оның айырым статьяларының қойылатуғын талапларға жуўап бермейтуғынының анықланғанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, Нызамның 12-статьясының бесинши ҳәм 25-статьясының алтыншы абзацларын «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 5-статьясына муўапықластырыў мақсетке муўапық екенлиги билдирилди.

Мәмлекеттиң қымбат баҳалы металларды санаат усылында қазып алыўды әмелге асырыўшы кәрханалар жумысына араласыўын азайтыў мақсетинде Нызамның тийисли статьяларының нормаларын қайта көрип шығыў ҳәм 15-статьяның талапларын әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлериниң нормасы менен муўапықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Нызамның 22-статьясы бесинши бөлиминде нәзерде тутылған норманы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-августтағы ПП-6044-санлы Пәрманы яғный усы бағдардағы жумыс лицензияланатуғын жумыс түрлерине кирмеўи ҳаққындағы талапқа муўапықластырыў керек екенлиги де атап өтилди.

Сенаторлар бул Нызамды бийкарлаў бойынша қарар қабыл етти.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.

Бүгинги күнде коронавирус инфекциясы тек ғана елимиз емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигине аўыр қәўип пайда етпекте. Мәмлекетимиз, ҳүкиметимиз бул қәўип-қәтерди ҳәр тәреплеме және тезирек сапластырыў бойынша барлық зәрүр илажларды алып барып атырғанын атап өтиў орынлы. Әлбетте, миллий Парламентимиз де бул бағдарда тәсирли илажларды көрмекте.

Бирақ Өзбекстан Республикасында бул инфекция менен күнлик зыянланыўдың саны көп муғдарда анықланыўы тийисли илажлар көриўди талап етеди. Бул болса, өз гезегинде, миллий нызамшылық базасын жетилистириў зәрүрлигин пайда етпекте.

Ҳәммемизге белгили, пуқараларды белгиленген ҳәр қандай тәртип-қағыйда және қәўип-қәтердиң алдын алыўға бағдарланған комплексли илажларға әмел етпеў ямаса оларды бузғаны ушын жуўапкершиликке тартыў және оларға жаза қолланыў тек ғана нызам менен белгиленген нормаларға тийкарланып әмелге асырылады.

Атап өтилиўинше, нызам менен киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте нәзерде тутылған эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў ҳәкимшилик ҳуқықбузарлығы ушын ҳәкимшилик жаза қолланыў ўәкиллигин Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети менен бир қатарда ишки ислер уйымларына да бериў нәзерде тутылмақта.

Кодексте нәзерде тутылған транспорт қуралларынан шығынды ямаса басқа нәрселерди таслап жибериў ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын ҳәкимшилик жаза қолланыў ўәкиллигин ишки ислер уйымларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы хызметкерлери менен биргеликте жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң хызметкерлерине де бериў билдирилмекте.

Сондай-ақ, Кодексте эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықты ислеп ҳәрекетленип атырған транспорт қуралларын услап турыў тәртиби енгизилмекте.

Кодекске киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыў системасы арқалы нәтийжели ҳәм оператив айрықша илажларды қолланыў, қала берди, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыў Өзбекстан Республикасының нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириўге имканият беретуғынын айтып өтиў орынлы.

Буннан тысқары, транспорт қураллары айдаўшыларының жуўапкершилигин арттырыў, санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайларының ҳәдден тыс дәрежесине ийе болған жумыс жүклемесин жеңиллестириў нәзерде тутылған.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың сегизинши жалпы мәжилисинде «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, өткен ўақыт даўамында елимизде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаўдың пүткиллей жаңа механизмлерин енгизиў және халықта жеке қәўипсизлик сезимин қәлиплестириў бағдарында системалы ҳәм нәтийжели илажлар әмелге асырылды.

Бирақ жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде бир қатар унамсыз ўақыялардың жүз берип атырғаны, соның ишинде, бүгинги күнде пуқаралар, әсиресе, жаслар арасында пышақ ҳәм басқа да суўық қураллары алып жүриў, өз-ара жәнжеллесиў ўақтында усы қураллар менен қорқытыў ямаса оларды қолланыў сыяқлы ҳәрекетлер көплеп ушыраспақта.

Таллаўларға нәзер таслайтуғын болса, усы Нызамды қабыл етиўдиң қаншелли әҳмийетли екенин түсиниў мүмкин. Мысал ушын, 2017-2019-жыллары 10065 суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған предмет, соннан 6835 и, яғный 68 проценти пышақлар. 2020-жылдың 6 айында болса 14957 суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған предмет, соннан 12762 си ямаса 85 проценти пышақ ҳәм қалғаны басқа түрдеги предметлер.

Усы предметлердиң 58 проценти көшеде, 22 проценти базарларда, 24 проценти билимлендириў мәкемелеринде анықланған. Бунық ақыбетинде болса тек ғана 2020-жылдың 8 айында усы өткир ушлы предметлерден пайдаланған ҳалда 542 жынаят жүз берген болса, соннан 168 и ямаса 31 проценти адам өлтириўшилик, 289 ы ямаса 53 проценти аўыр дене жарақатын жеткериў сыяқлы унамсыз жағдайлардың жүз бериўине алып келген.

Соның ушын жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң  104 ҳәм 105-статьяларының екинши бөлиминдеги бәнтлер өзгертилмекте.

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 14, 245, 287-статьялары толтырылып, кодекске жаңа 1852 ҳәм 1853-статьялары қосылмақта.

1852-статьяның биринши бөлиминде пуқаралар тәрепинен жәмийетлик орынларда, кәсиплик жумыста ямаса спорт түринде, ямаса хожалық-турмыслық мақсетлерде суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған қуралларды ашық ҳалда (қапсыз) алып жүргени ушын базалық есаплаў муғдарының екиден бир бөлиминен бир есесине шекемги муғдарда жәрийма жазасы белгиленбекте.

Усы статьяның екинши бөлиминде кәсиплик жумыста, спорт жумысында ямаса хожалық-турмыслық мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған жағдайларда, пуқаралық қуралды, суўық қуралды ҳәм суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған, спорт ҳәм хожалық-турмыслық мақсетлер ушын мөлшерленген қуралларды жәмийетлик орынларда алып жүргени ушын ҳуқықбузарлық қуралларын мәмлекет есабына өткериў ямаса мәмлекет есабына өткермей, базалық есаплаў муғдарының бир есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма жазасы белгиленбекте.

Сондай-ақ, 1853-статья менен Өзбекстан Республикасы аймағында пуқаралық ҳәм хызмет қуралы сыпатында пайдаланылыўы қадаған етилген қураллардың нызамға қайшы түрде пайдаланылыўы қадаған етилмекте.

Буннан тысқары «Қурал ҳаққында»ғы нызамның 3 ҳәм 9-статьяларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Яғный суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған, спорт ҳәм хожалық-турмыслық мақсетлер ушын мөлшерленген қураллар дегенде физикалық күш ислетиў нәтийжесинде адамның денсаўлығы ҳәм өмирине зыян жеткериўи ямаса өлимине алып келиўи мүмкин болған хожалық-турмыслық ҳәм кәсиплик мақсетлерде, ислеп шығарыў санааты және спорт жумысында пайдаланылатуғын ушлы, кескир ҳәм басқа да қураллар, пышақлар ҳәм басқа да ушы өткир әсбаплар, бейсбол биталары, софтбол ойыны ушын биталар – ушлы таяқларды нәзерде тутатуғын түсиник киргизилмекте.

Сондай-ақ, суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған қуралларды олардан кәсиплик жумыста, спорт жумысында ямаса хожалық-турмыслық мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған жағдайларда, соның ишинде, қала транспортында, қала әтирапына қатнаўшы, қалалараралық ҳәм халықаралық транспортта, жәмийетлик орынларда, ашық (қапсыз) ҳалда алып жүриўди қадаған ететуғын норма киргизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде елимизде суўық қурал, суўық қурал сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған басқа да әсбаплар, сондай-ақ, пышақтан пайдаланған ҳалда жүз бериўи мүмкин болған ҳуқықбузарлықлардың азайыўына ерисиледи.

Сенаторлар тәрепинен бул нызам мақулланды.

Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.

Усы Нызам менен әмелдеги 11 нызам ҳәм 2 кодекс талаплары Салық кодексине бейимлестирилмекте.

Атап айтқанда, «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы, «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы сыяқлы нызамлар ҳәм Бюджет кодексине тийисли өзгерислер киргизилген.

Жаңа редакциядағы Салық кодексиниң әмелге киргизилиўи исбилерменлик субъектлери ушын бир қатар қолайлықларды жаратпақта.

Атап айтқанда, «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис киргизилип, исбилерменлер ҳәм фермер хожалықларын тексериўдиң әмелдеги тәртиби бийкар етилип, тексериў талабы Салық кодексине бейиплестирилмекте.

Енди ибилерменлик субъектлерин тексериў «қәўипти таллаў» системасының нәтийжелери тийкарында әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылмақта.

Буннан былай салықлардың камерал тексерилиўинен басқа барлық тексериўлер электрон системада дизимге алынады.

Нызамның мақулланыўы бир-бирине қарама-қарсы болған нызамшылық талапларын сапластырыў болып ғана қалмай, исбилерменлик субъектлерине ҳәм халыққа қолайлылық жаратады ҳәм сырт ел инвесторларын тартыўға хызмет етеди.

Қызған додалаўлардан соң бул Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўдеги машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери бойынша комитети тәрепинен халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўде «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларының орынланыўы, суў қурылмаларын жойбарлаў ҳәм қурыў, пайдаланыўға тапсырыў, қаржылардан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жағдайы үйренилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги ПП-6074-санлы Пәрманы менен суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлерин көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў бойынша келешектеги ўазыйпалар да белгилеп берилген.

Соң еки жылда ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын жақсылаў ушын бюджеттен 3,7 триллион сум ажыратылған, 48 жойбарға 1,9 миллиард доллар сырт ел кредитлери тартылған. Нәтийжеде мәмлекет бойынша 1 734 имаратта  6 463 километр ишимлик ҳәм 300 километрге шамалас ақаба суў тармақлары тартылған.

Суўдан пайдаланыўды нәтийжели тәртипке салыўды тәмийинлеў ушын суў ресурсларын басқарыў бойынша жаңа структуралар жаратылған. Халықтың 67,8 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. Жер асты суў дәреклерине ийе болған аймақларды орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў Ташкент қаласында 99,7 процентти, Ферғана ўәлаятында 83,4 процентти ҳәм Самарқанд ўәлаятында 63,7 процентти қурайды.

Мәжилисте үйрениўлер аймақларда халықтың ишимлик суўына болған талабын қанаатландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги талап дәрежесинде емес екенлигин көрсеткени атап өтилди.

Атап айтқанда, мәмлекет ишимлик суўы объектлериниң улыўма қуўатлылығы суткасына 11,8 миллион метр кубтан ибарат болса да, әмелде оның 60 процентинен пайдаланылмақта.

Улыўма узынлығы 70,3 мың километр болған ишимлик суўы магистрал қубырлары ҳәм тармақларының 38 проценти, пайдаланылып атырған 12 мыңнан аслам ишимлик суўы қудықларының 29 проценти оңлаўға мүтәж жағдайда.

Сондай-ақ, 2 мың  20 процент суў насослары бузылған. Қалалардың тек 79 ы, яғный 57 процентинде канализация системасы бар болып, олардың да 23 проценти оңлаўға мүтәж.

Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм ақаба суў хызметин жақсылаў бойынша ажыратылған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўда елеўли қәте ҳәм кемшиликлер бар.

Атап айтқанда, объектлер бойынша жойбарлар-смета ҳүжжетлери сол орынға шығып үйренилместен, қадағалаў өлшеўлери өткерилместен, орынланыўы зәрүр болған жумыс көлемлери ҳүжжетте толық сәўлелендирилместен, ишимлик суўы дәреклерине анықлық киргизилместен ислеп шығылыў жағдайларының ақыбетинде нәтийжесиз қәрежетлерге жол қойылған.

Қалаберди, системада саламат бәсеки орталығы қәлиплестирилмеген, жойбарлаў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўшы шөлкемлер нызам ҳүжжетлерине қарама-қарсы түрде таңланған. Нәтийжеде объектлердиң қурылып иске түсирилмеўи ямаса қурылыс-монтажлаў жумысларының жуўмағына жеткерилмегени, қаржылардың нәтийжесиз ислетип жиберилиўи сыяқлы жағдайлар жүзеге келген. Қурылыс жумысларының нәтийжелилигин қадағалаў системасы талапқа жуўап бермейди. Пайдаланыўға тапсырылған айырым объектлер суў тәмийнаты кәрханалары тәрепинен нәтийжесиз ислетилген, ақыбетте халыққа ишимлик суўы жеткерилип берилмеген.

Мәмлекетлик бюджет, халықаралық финанслық институтлар ҳәм басқа да дәреклерден тартылған қаржлардан пайдаланыўдың ашық-айдын системасы жаратылмаған, қаржылардан пайдаланыўдың жағдайы бойынша есап бериў және қарыз қаржыларын қайтарыў системасы жолға қойылмаған.

Халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў тараўында нызам ҳүжжетлеринде белгилеп берилген ўазыйпалар өз ўақтында орынланбаған.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-ноябрьдеги ПҚ-4040-санлы қарарында белгиленген, 2019-жыл 1-июльге шекем Самарқанд, Бухара, Наманган ҳәм Қаршы қалаларында суў тәмийинаты ҳәм канализация системаларын Азия раўажланыў банки консультантларын тартқан ҳалда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында басқарыўға бериў ҳаққындағы тапсырма өз ўақтында орынланбаған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-апрельдеги ПҚ-4300-санлы қарары менен тапсырманың орынлаў мүддетти усы жылдың 1-июль етип белгиленген болса да, тендер жеңимпазлары менен шәртнамаларын рәсмийлестириў жумыслары орынланбастан қалған.

«Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында жергиликли ҳәкимият уйымларына өз аймағындағы суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў  ўәкиллиги берилген болса да, айырым аймақларда бул ўәкилликлер жыллар даўамында орынланбастан қалмақта.

Бул бойынша халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўдеги машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң қыйнаўға салыў ҳәм басқа аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса қәдирин кемситетуғын қарым-қатнас және жаза түрлерин қолланыў менен байланыслы жынаятларға қол урыў жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги және Бас прокуратурасына жиберилген паламент сораўының нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, Ишки ислер министрлиги тәрепинен Сенат қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша айрықша илажлар тастыйықланып, орынлаўға қаратылған. Атап айтқанда, БМШтың 1984-жылдағы Конвенциясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине қатаң әмел етиў бойынша жаңа тәртип жолға қойылған.

Ишки ислер уйымларының 468 ҳәкимшилик имараты, 91 ўақтынша сақлаў қамақханасы, 13 арнаўлы қабыллаўхана, 12 реабилитация орайы, 43 жазаны орынлаў мәкемеси, 11 тергеў қамақханасында улыўма 9 547 бақлаў камерасы орнатылған.

Прокуратура уйымлары тәрепинен болса усы жылдың 7 айында ҳуқық қорғаў уйымларында 5  116 тексериў өткерилип, анықланған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў бойынша 2 783 усыныс киргизилген.

Мәжилисте сенаторлар парламент сораўында көтерилген айырым машқалалы мәселелерди Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура тәрепинен сапластырыў илажларын көриў керек екенлигин атап өтти.

Соның ишинде, Ишки ислер министролиги тәрепинен бир ай мүддетте БМШтың 1984-жылдағы Қыйнаўға салыў ҳәм қарым-қатнаста болыў ҳәм жазалаўдың басқа аяўсыз, адамгершиликке жатпайтуғын ямаса қәдир-қымбатын кемситиўши түрлерине қарсы Конвенциясы және Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине қатаң әмел етиў бойынша илажларды ислеп шығыў, сондай-ақ, ишки ислер уйымлары жумысының ашық-айдынлағын тәмийинлеў мақсетинде жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиў меморандумын татсыйықлаў зәрүр екенлиги белгиленди.

Және бир тәрепи. Бас прокуратура ҳәм Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) менен биргеликте тергеў қамақханалары, еркинен айырыў орынлары ҳәм шахслар турған, өз қәлеўи менен шығып кете алмайтуғын басқа орынларда хызмет алып баратуғын хызметкерлердиң қыйнаў, аяўсыз ҳәм адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын ҳәрекетлердиң ўақтында алдын алыў және нызамшылық  бойынша билим дәрежелерин арттырыў, кәсиплик тәдирийбесин ҳәм әмелий көникпелерин қәлиплестириў бойынша 2021-жылға мөлшерленген қысқа мүддетли оқыў бағдарламасын ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги билдирилди.

Қалаберсе, 2021-жылдың ақырына шекем барлық аймақлық тергеў бөлимлеринде сораў процесиниң стенографиясын жазыў, видеобақлаў, сондай-ақ, тергеў ҳәрекетлерин аудио ҳәм видео жазып алыў системалары менен үскенеленген арнаўлы тергеў ханаларын шөлкемлестириў зәрүрлиги бойынша сөз етилди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили және Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайына да тийисли тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар, Ташкент қала ҳәм район (қала) кеңеслеринде ҳәр шеректе ишки ислер ҳәм прокуратура уйымлары басшыларының өз жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелерин тыңлаўда ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен қол урылған қыйнаў ҳәм басқа аяўсыз жаза түрлерин қолланғаны жағдайларына айрықша итибар қаратыў ҳәм додалап барыў усыныс етилди.

Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соңынан жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тараўға байланыслы  нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўыниң нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, Бас министр тәрепинен 2020-жыл 25-августта усынылған жуўапқа бола, парламент сораўында көтерилген мәселелер жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге ҳәр тәреплеме үйренилип, Министрлер кабинетиниң Президиумында көрип шығылған.

Парламент сораўында көтерилген бир қатар мәселелер бойынша Министрлер Кабинети тәрепинен әмелий илажлар бағдарламасы қабыл етилген. Онда, соның ишинде, нызам бузылыўшылықларды автоматик анықлайтуғын фото ҳәм видеожазыўлар, сондай-ақ, онлайн режиминде ислейтуғын қосымша фоторадарлар орнатыў белгиленген.

Буннан тысқары, Ишки ислер министрлигиниң жол ҳәрекети қәўипсизилигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли ҳәм тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асыратуғын Мәмлекетлик жол ҳәрекетини қәўипсизлиги хызметиниң жол ҳәрекетин шөлкемлестириўди қадағалаў бөлими ҳәм бөлимлери штат бирликлериниң жетиспейтуғынын сапластырыў бойынша илажлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, улыўма билим бериў мектеплеринде Жол ҳәрекети қағыйдалары ҳәм ҳәрекет қәўипсизлиги тийкарларын үйретиў, халық  билимлендириў хызметкерлериниң оқыўшыларға Жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиў бойынша қәнигелигин арттырыў де режелестирилген.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен парламент сораўында көтерилген айырым мәселелердиң шешимине итибар қаратылмағанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети тәрепинен 2019-жылы тастыйықланған жол ҳәрекети қәўипсизлиги стандартлары ислеп шығылған.

Бул стандартлардағы жол белгилериниң тәртип санлары да дурыс белгиленбегенлиги, бул болса жол ҳәрекетиниң тийкарғы қағыйдаларынан есапланатуғынлығы атап өтилди.

Яғный, бул стандартлар басқа мәмлекетлердиң стандартларынан тиккелей  көширип алынған. Ақыбетте, басқа мәмлекетлердиң әмелдеги жол ҳәрекети қағыйдаларындағы бар жол белгилери бул стандартлардың қосымшаларына да киргизилген. Усы жол белгилери Өзбекстан Республикасы Жол ҳәрекети қағыйдаларында жоқ.

Сондай-ақ,  Мәмлекетлик жол ҳәрекетиниң қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәрекетлериниң алдын алыў, ҳәрекет қатнасыўшыларына қолайлықлар жаратыў бойынша жергиликли  ҳәкимликлерге және тийисли шөлкемлер ҳәм уйымларға 2017-2020-жыллар даўамында улыўма 6 709 усыныс киргизилген болса-да, олардың 3 173 ямаса  45 проценти белгиленген мүддетлерде көрип шығылмаған.

Буннан тысқары, қәнигелер тәрепинен жол-транспорт ҳәреетлериниң келип шығыўына себеп болап атырған автомобиль жолларын зәрүр дәрежеде оңлаўға итибар қаратылмағаны ақыбетинде 2019-жылы ҳәм 2020-жылдың 8 айы даўамында 532 жол-транспорт ҳәрекети болып, оларда 511 пуқара жарақатланған ҳәм 191 пуқара қайтыс болған.

Усы сыяқлы кемшиликлер мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен киргизилип атырған усыныслардың орынланыўын тәмийинлемеген жуўапкерлерге тәсиршең илажлар көриўди талап етпекте.

Бул бойынша Сенат ағзалары анықланған қәте ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли  қарар қабыл етти.

Онда :

– Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети тәрепинен 2019-жылы  тастыйықланған жол ҳәрекети қәўипсизилигине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм стандартларды 2021-жыл 15-январьға шекем жетилистириў;

– Автомобиль жолларының насазлығы ақыбетинде болып атырған жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў бойынша бир ай мүддетте анық илажлар бағдарламасын ислеп шығыў;

– Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизилиги хызметкерлери тәрепинен жуўапкер уйымлардың басшыларына киргизилип атырған усыныслардың орынланыўын тәмийинлеўде кемшиликлерге жол қойған жуўапкер хызметкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў бойынша зәрүр илажларды көриў;

– Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен тастыйықланған илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети және Ишки ислер министрлиги тәрепинен   жуўапкер уйымлардың басшыларына киргизилип атырған усыныслардың орынланыўы бойынша ҳәр шеректың жуўмағы бойынша берилген мағлыўматларды комитетте таллап, илажлар бағдарламасын ҳәм киргизилип атырған усыныснамалардың орынланыўын өз ўақтында орынламаған жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларын Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети мәжилисине усыныс етип, додалап барыў белгиленди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Оннан соң медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен пуқараларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм олардың майыплығын анықлаў мәселелери бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўының нәтийжелери додаланды.

Мәжилисте Министрлер Кабинети тәрепинен парламент сораўының нәтийжелери бойынша усыныс етилген мәлимлемеде парламент сораўында қойылған ўазыйпалардың орынланыўын жетерли көрсетилмегенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен пуқараларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм олардың майыплығын анықлаў мәселелери нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде жетерли дәрежеде тәртипке салынбаған, майыплық профилактикасы, майыплығы болған шахсларды медициналық-социаллық ҳәм кәсип бойынша реабилитациялаў бойынша жақын, орта ямаса узақ мүддетли стратегия қабыл етилмеген.

Соның менен бирге, майыалықты анықлаў ушын медициналық-социаллық экспертиза өткериўде қолланылып атырған нормалар қырық жыл алдын ислеп шығылған методологияға тийкарланған болып, жаңа тәртип елеге шекем ислеп шығылмаған.

Медициналық-мийнет эксперт комиссияларының майыпларға хызмет көрсетиў жүклемеси белгиленбеген, 18 жасқа шекем болған балаларда ҳәм оннан үлкен жастағы шахсларда  майыплыққа алып келиўши  тийкарғы кеселликлердиң дизими ҳәм бул кеселликлерде майыплықты белгилеў нормалары, майыплығы болған шахсларды медициналық-социаллық реабилитация етиўдиң заманагөй усылларын енгизген ҳалда медициналық-социаллық экспертизадан өткериў нормалары ислеп шығылмаған.

Және бир тәрепи. Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен тастыйықланған комплексли илажлар программасында майыплықты анықлаў менен байланыслы бир қатар ўазыйпалар орынланбай атыр.

Соның ишинде, Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасының медициналық-мәсләҳәт комиссиялары ҳәм медициналық-мийнет эксперт комиссияларының жумысы сын көзқарастан қайта көрип шығылмаған, майыплықты белгилеў механизмлери ҳәм оның мүддетлери, соның ишинде, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тәртиби жетистирилмеген. Майыплықты белгилеў системасына белгилери айқын көринип турған мүрәжат етиўшини майыплық белгиленгенге шекем қоллап-қуўатлаў механизми енгизилмеген, айырым категориядағы майыплығы болған шахслар ушын медициналық тексериў өткерместен анықланыўы мүмкин майыплық категориялары ушын стационар емлениўде мәжбүрий болыў тәртиби бийкар етилмеген, жәрдемге оғада мүтәж болған шахслар ушын сырттан майыплық категориясын белгилеў елеге шекем енгизилмеген.

Бул ўазыйпаларды орынлаў бойынша анық тийкар ҳәм мүддетлер белгилеп қойылғанлығына қарамастан, майыплығы болған шахслар майыплығын белгилеўде, медициналық-социаллық хызметлерден пайдаланыўда көплеген әўерегершиликке дүс келиўине себеп болмақта.

Мәжилисте парламент сораўында келтирилген мәселелер бойынша жетерли дәрежеде әмелий илажлар көрилмегенлиги, тийисли жумыслар субъектив себеплерге бола әмелге асырылмағанлығы  атап өтилди.

Соның ушын Министрлер Кабинетине парламент сораўында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын толық тәмийинлеў және бул ҳаққында буннан былай анық мағлыўматлар усыныс етиў ўазыйпасы жүкленди және оның орынланыўын Сенаттың турақлы қадағалаўында қалдырылыўы белгиленди.

Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соннан кейин Жиззақ ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Онда Олий Мажлис Сенатының жумысшы топары тәрепинен ўәлаятты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды комплексли түрде үйрениў жуўмақлары да толық додаланды.

Ўәлаятты раўажландырыў ҳәм бул процесс халық депутатлары жергиликли Кеңеслери потенциалынан пайдаланыў бағдарында анық жумыслар әмелге асырылмағанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, ўәлаятта 2020-жылдың январь-июнь айларында ислеп шығарылған жалпы аймақлық өним (ЖАӨ) баҳасы 6 триллион 989 миллиард сумды, өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,0 проценти қураған.

Халық депутатлары ўәлаят кеңесиниң 2019-жыл 23-декабрьдеги қарарына тийкарланып 2020-жыл ушын жергиликли бюджет дәраматлардың режеси 1 триллион 51 миллиард сум етип белгиленген болып, усы жылдың ярым жыллығы ушын  белгиленген реже 125 процентке  (436,7 миллиард сумға) орынланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-31-январь күнлери Жиззақ ўәлаятына сапары бойынша тастыйықланған бағдарлама шеңберинде  улыўма баҳасы  3,0 триллион сум болған 510 жойбар иске қосылған  ҳәм 8 мың 342 жаңа жумыс орны  жаратылған.

2020-жыл январь-июнь айларында 42 локализациялаў жойбары шеңберинде 235,6 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, белгиленген прогноз көрсеткишлери 2,1 есеге орынланған ҳәм 2 мың жаңа жумыс орны жаратылған.

Усы жылы  экспорт географиясын кеңейтиў мақсетинде 5 мәмлекет, Австрия, Въетнам, Молдова, Монголия, Нидерландияға өнимлер биринши мәрте экспорт етилген.

Буннан тысқары, азық-аўқат қәўипсизилигин тәмийинлеў бойынша ўәлаятта 2019-жылы  улыўма 898,8 мың тоннаға шамалас мийўе-овощ, палыз, картошка, жүзим өнимлери жетистирилген болса, быйылғы жылы бул көрсеткишти 1 миллион  114, 9 тоннадан арттырыў ямаса өткен жылға салыстырылған 216,2 мың тонна (124 процент) көп өним жетистириў күтилмекте.

2020-жылдың өткен дәўири ишинде инвестиция бағдарламасы бойынша 137,1 миллиард сум бюджет қаржылары есабынан 63,4 километр ишимлик суўы  тармағы , 22 суў қудығы және 17,2 килолметр ақаба суў тармағының қурылыўы режелестирилген болып, ҳәзирге шекем 124,6 миллиард сумлық жумыслар орынланған.

Және бир тәрепи. Бес әҳмийетли басламаны әмелиятқа енгизиў шеңберинде ўәлаятта бир қатар әмелий жумыслар исленген. Соның ишинде, тастыйықланған  илажлар бағдарламасы улыўма 1,5 мыңға шамалас илажлар өткерилип, оларда 736 мыңнан аслам жаслар қамтып алынған.

Мырзашөл районындағы «Өзбек-қазақ», Ғаллаорол районындағы «Қуйтош», Дослық районындағы «Бунёдкор» мәденият орайларында оңлаў жумыслары алып барылып, салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылған.

Жиззақ қаласында бир ўақыттың өзинде 10 мыңнан аслам жасларды сыйдара алатуғын «Ўрда» экологиялық бағы қайта реконструкцияланған, ески Сангзор  көли орнында Орайлық Азияда бирден-бир Велотрек майданын қурыў ҳәм усы жылдың аққырына шекем  жаслар ушын пайдаланыўға тапсырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, мәжилис даўамында Олий Мажлис Сенаты, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен аймақтағы ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў масқетинде ҳәр бир район ҳәм қала бойынша қабыл етилген  бағдарламалардың («Жол картасы») орынланыўы бойынша да мәлимлеме берилди.

Бул бағдарламалар шеңберинде Кәсиплик аўқамлары федерациясының қаржылары есабынан 636 ҳаял-қызға 1 миллиард 169,9 миллион сум муғдарында материаллық жәрдем берилген.

Бахмал, Ғаллаорол, Янгиабад, Арнасой, Дослық, Зафарабад, Зарбдор, Зомин, Фориш районлары ҳәм Жиззақ қаласында 198 ҳаялларға турақ жайларды оңлаў ушын 1 миллиард 160,3 миллион сумлық қурылыс материаллары тарқатылған.

Ўәлаяттағы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийиелеў ушын 120 миллион сумлық турмыслық техникалар алып берилген.

Аймақта ҳаял-қызлардың шаңарақлық шараяты, социаллық жағдайы, имканияты, қызығыўшылықларын үйрениў ҳәм «Ҳаяллар дәптерин» қәлиплестириў жумыслары басланып, оған бүгинги күнге шекем 5 мың 696 ҳаяллар киргизилген.

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың 883 и жумысқа жайластырылған, 80ине коммерциялық банклер тәрепинен 1,8 миллиард сумлық жеңилликли кредитлер берилген, 741 и кәсип-өнерге оқытылған.

Буннан тысқары, мәжилисте ўәлаятты раўажландырыў бағдарында өз шешимин күтип турған айырым машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги де атап өтилди.

Соның ишинде, ақаба система бойынша ўәлаяттың Пахтакор, Дослық, Мырзашөл, Зарбдор районларының орайларында канализация системалары 1970-1980-жылларда қурылған болып, бар комплекслер ҳәм тармақлар өз мүддетин өтеп болған ҳәм оңлаў жағдайына келип қалған.

Жиззақ қаласы ҳәм Шароф Рашидов районы «Ташкент-6» газ бөлистириў станциясы  арқалы табийғый газ бенен тәмийинленеди, усы аймақларда халықтың саны жылдан-жалға көбейип атырғанлығы ҳәм олардың газге болған мүтәжлиги артыўы нәтийжесинде қыс мәўсиминде тәбийғый газ тәмийинатында машқалалар бақланбақта.

«Көп квартиралы үйлерди басқарыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Жиззақ қаласында апробация етиў процессинде бир қатар машқалалар анықланған. Мәселен, қаладағы бар 52 кәрханадан 13ниң  финанслық жағдайы  қанаатландырарлы болса, 21 қанаатландырарсыз, 18 и финанслық унамсыз жағдайға түсип қалған.

Ҳәзирги күнде Замин миллий тәбият бағы, Замин мәмлекетлик қорықханасы, Замин мәмлекетлик тоғай хожалығы аймақларындағы 3800-4300 гектар майданға ийе шыршазарлық тәбийғый зыянкеслерге ҳәм кеселликлерге шалынған.

Янгиабад районы мәденият  бөлими жайласқан имарат тасланды жағдайда. 2019-жыл Инвестиция бағдарламасына киргизилген Бахмал районы мәденият орайының имаратында қурылыс жумыслары жуўмағына жетпестен тоқтап қалған.

Мәжилисте ўәлаятты үйрениў жуўмақлары халық депутатлары ўәлаят Кеңесиниң 2020-жыл 10-сентябрьдеги сессиясында сын көзқарастан  додаланғанлығы, онда ўәлаят дәрежесиндеги машқалаларды шешиў бойынша 75 бәнттен ибарат «Жол  картасы» тастыйықланғанлығы атап өтилди.

Буннан тысқары , атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар  басшыларының мәлимлемелери тыңланды ҳәм додаланды.

Ўәлаятта өз шешимин күтип турған республика дәрежесиндеги машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли қарар қабыл етилди ҳәм олардың орынланыўы бойынша сенаторлық қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тастыйықланды.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң қарарлары да тастыйықланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети

ӨзА