2019-2020-оқыў жылында да Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен улыўма билим бериў мектеплериниң рейтингин анықлаў бойынша қадағалаў жумыслары ҳәм сораўнамалар өткерилди.

 

Халықаралық тәжирийбелерден пайдаланған ҳалда өткерилген үйрениў жумыслары нәтийжелерине муўапық, Өзбекстан бойлап район ҳәм қалалардағы мектеплерде билимлендириўдиң сапасы анализленип, олардың рейтинги анықланды.

 

Улыўмалық рейтингде ең жоқары «ТОП-20»лыққа Қарақалпақстан Республикасынан 3 мектеп – Елликқала районындағы 5-санлы қәнигелестирилген мектеп, Нөкис қаласындағы 48-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм Шымбай районындағы 49-санлы улыўма билим бериў мектеби кирди.

Анықлаў етип айтқанда, Өзбекстан бойынша қәнигелестирилген мектеплер рейтингинде ең жоқары орынларды ийелеген үш мектептиң бири, яғный 2-орынды ийелеген – Елликқала районындағы 5-санлы қәнигелестирилген мектеп (76,1 балл) болған болса, әпиўайы мектеплер рейтингинде Нөкис қаласындағы 48-санлы улыўма билим бериў мектеби 1-орынды ийеледи (64,5 балл).

 

«ТОП-20»лыққа кирген Қарақалпақстандағы және бир мектеп – Шымбай районындағы 49-санлы улыўма билим бериў мектеби әпиўайы мектеплер рейтингинде 8-орынды ийеледи (52,5 балл).

 

Соны да атап өтиў керек, қәнигелестирилген мектеплер рейтингинде Шымбай районындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп 27,1 балл менен 178-орынды ийеледи ҳәм төмен көрсеткишке ийе болды.

 

Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы мектеплер 11-класс питкериўшилериниң оқыўға кириў көрсеткишлери бойынша 10,4% лик нәтийже менен жоқары үшликтен орын алды.

Улыўмалық 100 баллық рейтингде Қарақалпақстан Республикасы 30,2 балл менен 8-орынды бәнтлеген. Мағлыўмат ушын, өткен жылы усы рейтингде республикамыз 12-орынды ийелеген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.