Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судында өзбек тили байрамына бағышланған мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Илажға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшылары ҳәм студент жаслары, судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлери қатнасты.

Илаж даўамында институттың оқытыўшылары тәрепинен таярланған Уллы мәмлекетлик тил – мәңгилик тил», Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында қәлиплесиўинде заманагөйликтиң орны» атамасында баянатлар тыңланды. Онда өзбек тилиниң тарийхы, сөйлеў мәденияты, тилге итибар қаратыў, оның турмысымыздағы әҳмийети  кең түрде атап өтилди.

– Мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы бизиң республикамызда да Өзбек тили ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи,  21-октябрь Өзбек тили байрамы күни сыпатында белгиленбекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды  баслығы Г.Зарипова. – Тилимизди раўажландырыў, оның абырайын арттырыў мақсетинде қабыл етилип атырған нызам, қарар ҳәм пәрманлар, елимиздиң жаңа тарийх, жаңа раўажланыў басқышында әлмелге асырылып атырған уллы реформалардың жоқары нәтийжеси, ғәрезсиз Ўатанымыздың социаллық-экономикалық, ҳуқықый, мәдений, руўхый турмысындағы үлкен ўақыя болды.

Буннан соң илаж қатнасыўшыларына институттың талантлы студентлери тәрепинен таярланған Ана тили ҳаққындағы мазмунлы қосықлар оқып берилди.


 

Қарақалпақстан хабар агентлиги