Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Ҳиндстан Саўда-санаат палаталары федерациясы менен биргеликте 21-октябрь күни онлайн түрдеги Өзбекстан-Ҳиндстан бизнес форумы шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы Адҳам Икромов, Өзбекстан-Ҳиндстан бизнес форумы басшысы, Ҳиндстан Саўда-санаат палаталары федерациясы ҳаяллар шөлкеминиң бурынғы президенти Ҳаржиндер Каур Талвар, Ҳиндстанның мәмлекетимиздеги елшиси Маниш Прабхат, Өзбекстанның Ҳиндстандағы елшиси Дилшод Аҳатов, Өзбекстан экспортшылары ассоциациясының баслығы Мухтар Умаров, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң исбилермен топарлары ўәкиллери қатнасты.

Бул бизнес форум исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, халықаралық саўда ушын шараят жаратыў ҳәм Өзбекстанда бизнес жүргизиў ушын инвестиция ҳәм сырт ел шериклерин тартыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, орта ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ҳәрекетлери ушын Ҳиндстан Саўда-санаат палаталары федерациясына, елшилерге миннетдаршылық билдирди. Өзбекстан еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўге үлкен әҳмийет қарататуғынын атап өтти.

Ҳаринджер Каур Талвар ханым экономикалық қатнасықлар мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири екенин, усы илаж Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан бизнес ўәкиллери арасында өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли қатнасықларды раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратыўды атап өтти.

Мәмлекетимизде ҳинд капиталы қатнасыўындағы 277 кәрхана жумыс алып бармақта. 2020-жылдың январь-август айларында Ҳиндстан менен өз-ара товар алмасыў баҳасы 198,4 миллион долларды қурады.

Бизнес форумда қатнасыўшылар саўда ҳәм иневестиция тараўларындағы қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша сәўбетлести. Денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика бойынша бирге ислесиў додаланды.

Усы бағдарда Ҳиндстан компаниялары Өзбекстанда белсендилик пенен бир қатар жойбарларды әмелге асырып атырғанылығын атап өтиў зәрүр. Мәселен, «Kadila Pharmaceutikals» компаниясы менен  биргеликте мәмлекетимизде  баҳасы 50 миллион АҚШ долларына тең фармацевтика кәрханасы иске қосылды. Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў шеңберинде МКТ, инженерлик ҳәм бизнеске қәнигелескен Шарда ҳәм Амити университетлери, программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технопарки жумыс ислеп атырғаны пикирмизге айқын дәлил бола алады.

Илажда еки мәмлекет исбилерменлери өз-ара экономикалық байланысларды жеделлестириў, қоспа жойбарлар шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша гезектеги ўазыйпаларды белгилеп алды.

 

С.РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы