Усы жылдың 20-август күни Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районлық бөлимине пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 2020-жыл 17-августтағы орынлаў ҳүжжети келип түскен. Онда пуқара Н.А. ны 2020-жыл 5-май сәнесинен баслап АКБ «Агро банк» Шоманай филиалына бас менеджер лаўазымына қайта жумысқа тиклеў және оған 8 млн 271,8 мың сумлық мийнет ҳақысын өндирип бериў мәселеси көрсетилген.

 

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында дәслеп тәреплерге усы қарардың нусқалары ҳәм банк филиалы баслығының атына усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў, керисинше жағдайда келип шығыўы мүмкин болған ҳуқықый ақыбетлер түсиндирилген ҳалда ескертиў хаты жиберилген.

 

Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, орынлаў ҳүжжети келип түскен күннен 6 күн өтип ҳүжжеттиң орынланыўы толық тәмийинленип, пуқара Н.А. АКБ «Агро банк» Шоманай филиалы баслығының буйрығы тийкарында жумысқа тикленди ҳәм оның пайдасына өндирилиўи керек болған 8 млн 271,8 мың сумлық мийнет ҳақысы толық өндирилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.