Усы жыл 21-октябрь күни халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги XVI сессиясы болып өтти.

Cессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 16-октябрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде аймақларда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў бойынша ҳәкимлерге берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселеси бойынша қала ҳәкиминиң Қаржы, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Қ.Хожановтың мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Нөкисте 2018-2020-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен шарўашылық, қусшылық, балықшылық, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў мақсетинде жәми 150 миллиард сум жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды. Усының нәтийжесинде бир ғана шарўашылық тараўында сырт еллерден 1,1 мың бас қарамал ҳәм 1,5 мың бас қой-ешки алып келинди. Быйылғы жылдың өткен 9 айы ишинде 385 тонна гөш, 1,6 мың тонна сүт, 100 тонна картошка, 1,8 мың тонна овощ, 260 тонна палыз, 235 тонна мийўе, 2,9 миллион дана мәйек өнимлери жетистирилип, базарларға шығарылды.

Деген менен, аймақларда «Даладан – тутыныўшыға» принципи тийкарында жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени, күнделикли түрде жаңаланып баратуғын азық-аўқат өнимлерин топлаўға итибар қаратылмай атырғанлығы базарлардағы баҳалардың көтерилиўине алып келип атырғаны атап өтилди. Мәселен, усы жылдың январь-сентябрь айларында сүт өнимлериниң баҳасы 16, картошканың баҳасы 13,7, гөш өнимлериниң баҳасы 11,4, өсимлик майының баҳасы 10,2, қумшекер, чай ҳәм басқа да өнимлердиң баҳасы болса 5,4 процентке өскен.

Усы жағдайлардан келип шығып, Нөкис қаласында 1-ноябрьден 2021-жылдың 1-майына шекем тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарға өним жеткерип берилиўин системалы шөлкемлестириў арқалы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша системалы илажлар әмелге асырылады. Усы дәўир ишинде халықтың зәрүрлиги ушын талап етилетуғын азық-аўқат өнимлериниң көлеми 4 сектор кесиминде есаплап шығылды. Атап айтқанда, қала ҳәкими секторындағы аймақларда жасайтуғын халықтың зәрүрлиги ушын 720 тонна картошка,  245 тонна пияз, 248 тонна гешир, 265 мың тонна гүриш, 4,1 мың тонна ун өнимлери, 1,1 мың тонна мал ҳәм қой гөши, 0,5 мың тонна қус гөши, 450 тонна қумшекер, 245 тонна балық, 8 мың дана мәйек талап етиледи. Бул өнимлердиң бүгинги күнде жергиликли ислеп шығарыў есабынан тәмийинлениўи, жетиспеген өнимлерди болса, қаплаў дәреклерин анықлаў илажлары алып барылды. Талқылаўларға қарағанда, қала халқының усы тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын жергиликли ислеп шығарыў есабынан тәмийинлеў имканияты бар. Сондай-ақ, мәжилисте Нөкис қаласындағы «темир дәптер»ге киргизилген 3 мың 879 шаңараққа үш ай ушын талап етилетуғын азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў ушын жәми 3,2 миллиард сум талап етилетуғыны атап өтилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша сессияда тийисли қарар қабыл етилди.      Сессияға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының биринши орынбасары Д.Саиджонов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги