Усы жыл  21-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгениниң 31 жыллығына және «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» атамасында өзбек тили байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, жыйналғанларды өзбек тили байрамы күни менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, халқымызда «Тил-миллеттиң айнасы», «Тил жасаса-миллет жасайды», «Тил миллеттиң бийбаҳа байлығы»,-деген даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Себеби, ҳәр бир халықтың өзлигин көрсетиўде, жәмийеттиң раўажланыўында тилдиң орны оғада әҳмийетли болып, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет және дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық болып саналады. Cоның ушында  быйылғы жылы бул байрамның «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» сүрени астында өткерилип атырғаны тосыннан емес. Мәмлекетлик тил-бул елимиздиң жәмийетлик-сиясий, руўхый-ағартыўшылық раўажланыўында айрықша орын ийелеп киятырғаны менен де  бийбаҳа қәдирият болып есапланады.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде ҳәр бир халық өзиниң миллий мәплерин тәмийинлеў, бул бағдарда ең дәслеп өз мәдениятын, әзелий қәдириятларын, ана тилин сақлаў ҳәм раўажландырыў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратыўы тәбийғый. Бүгин мәмлекетимизде «Миллий тиклениўден-миллий раўажланыўға қарай» деген бас принцип тийкарында раўажланыўдың жаңа, буннан да жоқары басқышына көтерилмекте. Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар процесинде мәмлекетлик тилдиң турмысымыздағы орны ҳәм абырайы барған сайын артып бармақта.

Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында  елимизде мәмлекетлик тилди раўажландырыўға, оны еле де байытыўға ҳәм сап ҳалында келешек әўладларға жеткериўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда жаңадан энциклопедия ҳәм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын баспадан шығарыў нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнниң талабынан келип шығып, тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы  21-октябрьдеги «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында 21-октябрь сәнеси «Өзбек тили байрамы күни»  деп белгиленди ҳәм усы жылдың 10-апрель күни «Өзбек тили байрамы күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам, күни кеше Президентимиздиң «Мәмлекетимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Өзбек тилиниң абырай-мәртебесин арттырыўда, жасларымызды ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық рухында тәрбиялаўда, мәмлекетлик тилдиң толық енгизилиўин тәмийинлеўде, елимизде миллет ҳәм халықлардың тиллерин сақлаў ҳәм раўажландырыўда, өзбек тили ҳәм тил сиясатын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлери, тийкарғы бағдарлар  ҳәм ўазыйпаларды және келешектеги басқышларды белгилеў айрықша орын ийелейди. Соны айрықша мақтаныш пенен атап өтиўимиз керек, Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 75-сессиясында тарийхта биринши мәрте өзбек тилинде шығып сөйлегени, түрли дәрежелердеги рәсмий ушырасыўларда өзбек тилинен мәмлекетлик тил сыпатында кеңнен пайдаланылып, сырт еллердеги көплеген оқыў орынлары менен илимий мәкемелерде өзбек тили орайларының шөлкемлестирилип атырғанлығы, өзбек тилине болған ҳүрмет ҳәм итибардың, мәмлекетлик тилди үйрениўге деген қызығыўшылықтың артып барыўына тийкар болмақта.

Президентимиздиң  Өзбекстан халқына жоллаған байрам қутлықлаўын елимизде жасап атырған бәрше миллет ўәкиллери үлкен көтериңкилик пенен күтип алды. Онда атап өтилгениндей, бүгинги күнде биз жаңа Өзбекстанды, жаңа Ренессанс тийкарын қурыўдай ийгиликли мақсетлеримизге ерисиўде, ҳеш гүмансыз, ана тилимиздиң өмиршең қүдиретине таянамыз. Себеби, неше әсирлер өтип ата-бабаларымыздан бизге жетип келген ана тилимиздиң раўажланыўы ҳәм келешеги ҳаққында қайғырыў – бул миллеттиң өзлигин аңлаўы, оның мәнаўий кәмалатын жоқарылатыў ушын гүрес болып есапланады.

Мәжилисте бир топар белсендилерге «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси, улыўма билим бериў мектеплериниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илажда «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси ийеси, шайыр Ш.Аяпов, Нөкис қаласындағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Д.Халмуратова,  «Дослық»  ордени ийеси, шайыр Г.Дәўлетовалар шығып сөйлеп, өзбек тилиниң жәмийетимиздиги орны ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм байрамға бағышланған қосығын оқыды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери