Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Өзбек тилиниң халқымыздың жәмийетлик турмысындағы ҳәм халықаралық дәрежедеги абырайын түп-тийкарынан арттырыў, өсип киятырған жасларымызды ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў, Өзбекстандағы миллет ҳәм халықлардың тиллерин сақлаў ҳәм раўажландырыў, мәмлекетлик тил сыпатында өзбек тилин үйрениў ушын шараятлар жаратыў, өзбек тили ҳәм тил сиясатын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлерин, тийкарғы бағдарларын ҳәм ўазыйпаларын және келешектеги басқышларын белгилеў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-октябрьдеги «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм дәрежесин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5850-санлы Пәрманына муўапық:

  1. 1. Төмендегилер:

а) 2020-2030-жыллары өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысының барлық тараўларында мәмлекетлик тил имканиятларынан толық ҳәм дурыс пайдаланыўға ерисиў;

билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик тилди оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў. оның илим тили сыпатындағы абырайын арттырыў;

мәмлекетлик тилдиң  тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм халықтың сөйлеў мәдениятын арттырыў;

мәмлекетлик тилдиң заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына жедел интеграцияласыўын тәмийинлеў;

мәмлекетлик тилдиң халықаралық көлемдеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, бул бойынша сырт еллер менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў;

елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың тиллерин раўажландырыў мақсетинде кең ҳәм тең имканиятлар және оларға мәмлекетлик тилди үйрениў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

б) 2020-2030-жыллары өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясын 2020-2022-жыллары әмелге асырыў бағдарламасы  (кейинги орынларда – Бағдарлама)  2-қосымшаға муўапық;

в) 2020-2030-жыллары өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары  (кейинги орынларда – Тийкарғы бағдарлар) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2. Тийкарғы бағдарлар төмендегилерди нәзерде тутатуғыны:

а) билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик тилди оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, оның илим тили сыпатындағы абырайын арттырыў тараўында:

2025-жылға шекем мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў системасында әмелдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң аймақларын кеңейтиў ямаса жаңадан қурылатуғын мәкемелер есабынан өзбек тили топарларының қамтылыўын 72 процентке,  2030-жылға шекем болса 80 процентке жеткеретуғыны;

 2030-жылға шекем улыўма билимлендириў мектеплеринде оқыў жыллары ушын таяныш оқыў режелеринде өзбек тили пәнин оқытыў көлемин әмелдеги ҳәптеде 84 сааттан 110 саатқа шекем арттыратуғыны;

жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили кафедраларының санын 2025-жылға шекем 120 ға, 2030-жылға шекем болса 140 қа жеткеретуғыны;

б) мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм халықтың сөйлеў мәдениятын арттырыў тараўында:

латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесинде «Өзбекстан миллий энциклопедиясы»  томларын басып шығарыўды  басқышпа-басқыш көбейтип баратуғыны;

2020-жылда өзбек тилиниң сөзлик байлығын арттырыўшы 15  лингвистикалық, тараўлық-терминологиялық, түсиндирме сөзликлерди жарататуғыны;

телерадиоканаллар диктор-баслаўшыларының өзбек әдебий тилиндеги сөйлеў мәдениятын арттырыўшы  қайта таярлаў курсларында оқытыў системасын енгизетуғыны ҳәм қамтып алыўды 2030-жылға шекем 100 процентке  жеткеретуғыны;

в) мәмлекетлик тилдиң заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына интеграцияласыўын тәмийинлеў тараўында:

2025-жылға шекем мәмлекетлик тилде тараўлық ис жүргизиў ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон үлгилерин ислеп шығыў ҳәм олардан пайдаланыў ушын 14 онлайн бағдарлама ислеп шығыў, 2030-жылға шекем болса бул көрсеткишти 25 ке  жеткеретуғыны;

программалық өнимлердиң өзбекше қосымшаларын  ҳәм электрон сөзлик бағдарламаларын жарататуғыны;

сырт еллилер ушын өзбек тилин үйрететуғын бағдарламалар жарататуғыны;

г) мәмлекетлик тилдиң халықаралық көлемдеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, бул бағдарда сырт ел менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў тараўында:

2030-жылға шекем сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили үйретиўши орайлардың санын әмелдеги 17 ден 60 қа  шекем көбейтетуғыны;

2025-жылға шекем «Өзбек тилиниң дослары» клублары санын 30 ға, 2030-жылға шекем болса 40 қа жеткеретуғыны;

сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде  өзбек тили курсларын  зәрүр илимий, оқыў-методикалық, көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў, өзбек тилин үйретиўге байланыслы илимий-изертлеўлер муғдарын арттыратуғыны белгиленсин.

  1. 3. Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) үш ай мүддетте латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесине толық өтиўди тәмийинлеў мақсетинде  жумысшы топарды шөлкемлестирсин  ҳәм анық илажлар және оларды қаржыландырыў дәреклери ҳәм көлемлерин нәзерде тутауғын  «Жол картасы»н ислеп шығып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына киргизсин.
  2. 4. 2021-жыл 1-апрельден баслап өзбек тили ҳәм әдебияты бойынша билимди баҳалаўдың миллий тест системасы тийкарында басшы кадрлардың мәмлекетлик тилде рәсмий жумыс ислеў дәрежеси анықланатуғыны және жуўапкер лаўазымларға тайынланатуғын шахслар ушын мәмлекетлик тилди билиў бойынша дәреже сертификатларының енгизилетуғыны;

Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы  Мәмлекетлик тилде жумыс ислеў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайында  өзбек әдебий тилиниң нормалары ҳәм мәмлекетлик тилде жумыс ислеў бойынша қысқа мүддетли (1-2 айға шекем) оқыў курсларының турақлы түрде шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

Мәмлекетлик тест орайы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте усы бәнттиң екинши абзацында нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў мақсетинде Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 5. Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, мәпдар минисрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте өзбек тилиндеги бар сөзликлер тийкарында үзликсиз билимлендириўдиң барлық түрлери ушын төмендеги оқыў сөзликлерин жаратыў илажларын көрсин, соның ишинде:

көп томлы «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң толықтырылған жаңа редакциясы (кирилл ҳәм латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесинде);

«Өзбек тилиниң имла сөзлиги»;

«Өзбек тили синонимлериниң сөзлиги»;

«Өзбек тили синонимлериниң үлкен түсиндирме сөзлиги»;

«Өзбек тили фразеологизмлериниң үлкен түсиндирме сөзлиги»;

«Өзбек тили омонимлериниң сөзлиги».

Усы бәнтте көрсетилген илажларды қаржыландырыў мақсетинде Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қорының қаржылары бағдарлансын.

  1. 6. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиология билимлендириў бағдарларында  «Компьютер лингвистикасы», «Әмелий филология»  бағдарларын шөлкемлестирсин;

Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясы менен биргеликте сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде   өзбек тили орайларының жумысын жолға қойсын;

өзбек тилине байланыслы барлық илимий, теориялық ҳәм әмелий мағлыўматларды өзинде жәмлеген электрон көринистеги өзбек тили миллий корпусын жаратыў илажларын көрсин;

Халық билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте  ҳәр жылы 1-декабрьге  шекем Бағдарламаларда ҳәм Тийкарғы бағдарларда белгиленген тапсырмалар бойынша әмелге асырылған жумысларды пуқта анализлеў тийкарында Министрлер Кабинетине мағлыўмат киргизип барсын.

  1. 7. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте өзбек тилинен дүньяның жетекши шет тиллерине ҳәм шет тиллерден өзбек тилине аўдарма ислеўши компьютер бағдарламасын  Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры қаржылары есабынан жаратыў илажларын көрсин;

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте системадағы мәлимлеме-таллаў, руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений-гуманитарлық телеканалларын сырт елде телерадиокомпанияның ОТТ платформасын (интернет тармағы арқалы телебағдарламаларды көрсетиў системасы) мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан иске қосыў  ҳәм басқа да заманагөй информациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда көрсетилиўин тәмийинлесин.

  1. 8. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Сыртқы ислер министрлиги, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары бойынша комитетиниң «O‘zbekiston» телеканалында елимиз аймағында жасайтуғын барлық миллет ҳәм халықлардың тиллери, үрп-әдетлерин ҳәм дәстүрлерин таныстырыўшы, елимизге байланыслы мәлимлеме-таллаў, руўхый-ағартыўшылық, мәдений-гуманитарлық билим шеңберин кеңейтиўге хызмет ететуғын ҳәм инттеллектуаллық және басқа мағлыўматларды шет тиллерде (Өзбекстанда жасап атырған ҳәр қыйлы миллетлер тилинде) жарытып баратуғын «Do‘stlik»   мәлимлеме-ағартыўшылық бағдарламалар редакциясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

«Do‘stlik»  мәлимлеме-ағартыўшылық бағдарламалар редакциясы Өзбекстан миллий телерадиокомапниясына ажыратылып атырған бюджет қаржылары ҳәм төменги шөлкемлердиң бар штат бирликлери шеңберинде шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы мәпдар шөлкемлерди тартқан ҳалда 2021-жыл 1-январьдан баслап орайлық телеканалларда  «Тилге итибар», «Ана тилинде сөйлесемиз», «Ораторлық шеберлиги», «Тил – миллет айнасы», «Китап билим дәреги», «Билимли жаслар – келешек қурыўшысы» сыяқлы дүркин көрсетиў ҳәм еситтириўлерди шөлкемлестирип, турақлы түрде эфирге берилип барылыўын тәмийинлесин.

  1. 9. Усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Мәмлекетлик бюджет, Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билилмендириў мәкемелериниң раўажландырыў қоры, жоқары билимлендириў мәкемелерин бюджеттен тысқары қаржылары, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери, халықаралық финанс шөлкемлери, сырт еллер ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызлары) ҳәм грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
  2. 10. Төмендегилерге:

Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментине – Концепция ҳәм Бағдарламаны әмелге асырыў және Тийкарғы бағдарларға ерисиў бағдарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў және мониторинг етиў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына – Концепция, Бағдарлама ҳәм тийкарғы бағдарларда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 11. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. 12. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 20-октябрь