Жақында Нөкис қаласында 5 ҳәм Хожели районында бир жерде рус тилин шет тили сыпатында үйренип атырған пуқаралардың саўатлылық дәрежесин анықлаў бойынша Жер жүзилик билимлендириў акциясы – «Тотальлық диктант» ҳәм TruD тести өткерилди. Бир неше районларда болса бул проект онлайн түрде әмелге асырылды. Акцияда жасына, жынысына, мағлыўматына, қандай динге исениўине, кәсибине, шаңарақлық жағдайына қарамастан барлық пуқаралар рус тили бойынша билимлерин сынақтан өткериў ҳуқуқына ийе болды.

«Тотальлық диктант»та ҳәм TruD тестинде республикамыздан 330 ға шамалас пуқаралар қатнасты. Және жүзлеген пуқаралар акция шеңберинде «Үйде жазамыз» бағдарында онлайн қатнасты.

Жойбар Россияның Өзбекстандағы бирге ислесиў ўәкилханасы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Қарақалпақстандағы Рус миллий мәдений орайы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайында ҳәм Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында өткерилди.

Диктантларды Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист А.Надырова, А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетиниң қәнигелери Т.Нестерова ҳәм А.Воробьёва, «Қоллап-қуўатлаў, бирге ислесиў, дөретиўшилик» аймақлық шөлкеминиң баслығы Ю.Атаниязова ҳәм жергиликли филологлар алып барды.

Сынақларда оқыўшылардан тысқары, муғаллимлер, «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары, пенсиядағы әскерий хызметкерлер, жумысшылар қатнасты. Жәми жыйналған жумыслар бүгинги күнде тексерилмекте ҳәм жуўаплар арнаўлы сайтларда жәрияланады. Нәтийжелер 27-октябрьге шекем сайтларда жәрияланып, 1-ноябрьде болса, сыйлықлаў мәресими өткериледи. Акцияның барлық қатнасыўшыларына сертификат, ал, жоқары балл топлаған үлгили қатнасыўшыларға арнаўлы диплом, электрон әдебиятлар бериледи. Жер жүзилик билимлендириў фондының «Тотальлық диктант»ында қолға киргизилген сертификат ҳәм дипломды халықаралық үлгидеги ҳүжжет сыпатында пайдаланыў мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги