Усы жыл 19-октябрь күни республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Елликқала районы бөлиминде «Тил-миллий өзликти аңлаўдың тийкары» атамасында илимий-әмелий әнжуман болып өтти.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Елликқала районы бөлими баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Матниязова, район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Хожаниязов, институт проректоры Қ.Қадыров, педагогика факультети деканы, профессор Ж.Алланазаров ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей,   ҳақыйқатында да тил миллет айнасы, оның мақтанышы ҳәм руўхыйлық дәреги есапланады.

Уллы ойшыл бабамыз Абдулла Авлонийдиң жазғанындай,  «Ҳәр бир миллеттиң дүньяда барлығын көрсететуғын  турмыслық айнасы тил ҳәм әдебият болып табылады. Миллий тилди жоғалтыў миллеттиң руўхын жоғалтыўдур»,-деген ибратлы пикирлери бүгинги күнимизде де өзиниң әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Тилди сақлаў, оны үйрениў барысында мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған реформалардың буннан былай да раўажланыўы, тәлим-тәрбия процесслерине енгизилиўи қуўанышлы жағдай.

Илажда қәбилетли студент жаслар өзлери таярлаған «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим» темасындағы видеороликлери, дөретиўшилик жумыслары ҳәм қосықлары менен қатнасты.

Жеңимпазлар республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Елликқала районы бөлими тәрепинен «Алғыснама» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги