Мүнәсибет

Президентимиздиң ҳаял-қызлар менен жаслардың машқалаларын сапластырыўда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде усы жыл 8-октябрь күни өткерген видеоселектор мәжилисин ғалаба хабар қураллары арқалы көрип, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды жоқары дәрежеде қәдирлейтуғын жәмийетте жасап атырғанымнан қуўандым.

Себеби, усы мәжилисте социаллық мәселелер додаланып, олардың шешими бойынша пүткиллей жаңа бағдар белгилеп берилди. Бул усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға және бир қәдем тасланғанлығынан дәрек береди.

Шаңарақ беккем болмаса, жәмийеттеги нуқсанларымыз көринип қала береди. Себеби, мүрәжатлардың көпшилиги шаңарақлық қатнасықларға байланыслы.

Еки жастың ата-аналары арасындағы келиспеўшиликлер, келин тәрептиң сабырсызлық етип алмент өндириў мақсетинде күйеў баласын судқа бериўи, ал, оның өз перзенти алдындағы жуўапкершиликтен қашып, түрли бәнелер менен алимент төлемей балаларының қыйналып қалыўы сыяқлы жағдайлар ҳеш кимге сыр емес.

Президентимиздиң басшылығында өткерилген усы мәжилисте айтылған ҳәр бир пикирди тапсырма сыпатында қабыл еттик. Ҳаял-қызлар менен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў ушын бар күшимиз бенен ҳәрекет етемиз.

 

М.Бекназарова,

Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги