«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 21-октябрь күни Қарақалпақстан аймағына Батыс Қазақстан арқалы Волгабойы үстинде жүзеге келген салқын ҳәм салыстырмалы ығал ҳаўа массасы кирип келеди. Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде бултлар көбейеди, кешқурын самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем есип, қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.

 

22-23-октябрь күнлери ҳаўаның температурасы әсте-ақырын төменлеп барады ҳәм түнде 0-3 градусқа шекем салқын, күндиз 13-18 градус жыллы болады. Бул болса усы күнлер температура нормаларынан 3-5 градусқа шекем төмен болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.