Қараөзек районындағы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйынында екинши сектор басшылығында аўыл турғынлары ҳәм жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўға район ҳәкимлиги, прокуратурасы, жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары ҳәм аўыл турғынлары  қатнасты.

Илаж даўамында аймақ турғынлары өзлериниң аймағында ушырасып атырған машқалаларды атап өтти. Онда жаслар менен кең түрде пикир алысылып, олардың арасында ушырасатуғын машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша  илажлар көриў, жаслардың усыныслары менен басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы исбилерменлик жумысларын баслаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Исбилерменлик жумысын басламақшы болған жаслар өзлериниң келешек режелери, ушырасып атырған машқалалары менен таныстырды.

Атап айтқанда, усы аймақтың турғыны Оразгүл Қудайбергенова тоқымашылық жумысын баслаў ушын кредит алып, исбилерменлик жумысын баслаўға жәрдем сорап мүрәжат еткен болса, Жеңисбай Тәжимуратов ҳәм Абылқайыр Байбосынов жумысқа орналасыў тилеклерин билдирди.

Район прокуроры олардың мүрәжатларын көрип шығып, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырма берип, қадағалаўға алынатуғынлығын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги