Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-октябрь күни 2021-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет параметрлерин  додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Коронавирус пандемиясы көплеген режелерге айрықша тәсир көрсетти. Бирақ қабыл етилген қарарлар ҳәм өз ўақтында көрилген  илажлардың нәтийжесинде усы жылғы бюджет параметрлериниң орынланыўы тәмийинленбекте. Бул болса пандемия ақыбетлерин сапластырыўға 13,4 триллион сум қаржы бағдарлаўға имканият берди.

Мәмлекетимиз басшысы келеси жылы бюджетти режелестириўде пандемияның даўам етиўин, дүньядағы экономикалық жеделликтиң төменлеўин инабатқа алыў керек екенлигин атап өтти.

Мәжилисте макроэкономикалық турақлылықты ҳәм белгиленген бюджет түсимлерин толық тәмийинлеў илажлары додаланды. Оның ушын 2021-жылы экономикада  кеминде 5,1 процент, соның ишинде, санаатта 5,8 процент, хызметлер ҳәм қурылыста 6,5 проценттен өсиўге ерисиў керек болады. Инфляция дәрежеси ҳәм бюджет дефицитин прогноз көрсеткишлеринен арттырмаў да әҳмийетли.

Жуўапкерлерге бул ўазыйпалар бойынша тапсырмалар берилди. Жасырын экономиканы қысқартыў және 600 мың жумыс орнын легалластырыў, 53 уйымның  мағлыўматлар базасын интеграциялаў, маркировка қолланылатуғын өнимлердиң түрин кеңейтиў есабына бюджетке қосымша қаржылар түсириў мүмкин екенлиги айтып өтилди.

Ири кәрханаларда өндиристи көбейтиў де режелестирилмекте. Мысал ушын, экономика тармақлары ҳәм халықтың тәбийғый газге болған мүтәжлигин толық қаплаў және есап-санақты дурыс жолға қойыў арқалы акциз салығынан қосымша 500 миллиард сум қаржы түсириў имканияты бар, соның менен бирге электр энергиясы менен ишки базардағы мүтәжликти үзликсиз тәмийинлеў есабынан қосымша қун салығынан қосымша 250 миллиард сум бюджетке дәрамат түсиўи күтилмекте.

Энергетика министрлигине усы бойынша көрсетпелер берилди. Транспорт министрлигине кейинги жылы қатнаўларды тиклеў, жаңа маршрутларды ашыў есабынан бюджетке түсимлерди 2019 –жылдағы көрсеткишлерге жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Пандемия шараятында социаллық тараўға ажыратылатуғын қәрежетлер усы жылға салыстырғанда кеминде 15 процентке арттырылыўы режелестирилмекте. Соның ишинде, кейинги жылы мектепке шекемги билимлендириў көлеминиң дәрежесин 70 процентке, онда жеке меншик сектордың үлесин 25 процентке жеткериў мақсет етилген. Халық билимлендириў министрлигине бюджеттен ажыратпалар 16 процентке арттырылады. Мектеплерди  жедел интернетке қосыў бойынша биринши мәрте бюджеттен 100 миллиард сум, үскенелеўге 200 миллиард сум бағдарлаў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, илимди раўажландырыў концепциясы шеңберинде келеси жылы Инновациялық раўажланыў ҳәм инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорына бюджеттен 2 есеге көп қаржы ямаса 100 миллиард сум ажыратылады.

Денсаўлықты сақлаў тараўына дерлик 20 триллион сум, соннан коронавирусқа қарсы гүресиў илажлары ушын 3 триллион сум және дәри-дәрмақ сатып алыўға 1,8 триллион сум белгилениўи нәзерде тутылған.

Биринши мәрте онкогематологияға дерлик 90 миллиард сум ажыратылмақта. Сондай-ақ, темеки саўдасынан алынған акциз салығының 7 проценти Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шалынған наўқасларды саламатландырыўға жәрдем бериў қорына өткерип бериледи. Соның менен бирге, келеси жылы биринши мәрте гемодиализге мүтәж наўқасларға медициналық хызметлер көрсетиў көлемин 100 процентке жеткериў ушын 130 миллиард сум бағдарланады.

Мәжилисте кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў және халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

0c8deb92-2fe1-a469-f5bc-c66a8fb9008d.jpg

Кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде социаллық напақа алатуғын мүтәж шаңарақлардың саны жыл басына салыстырғанда 2 есеге арттырылыўы белгиленди. Келеси жылы 1-январьдан  бирден-бир социаллық реестрди барлық  аймақларда иске қосып, социаллық напақалар ажыратыў системасын толық автоматластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Исбилерменлик  бағдарламалары шеңберинде 3 триллион сумнан аслам субсидиялардың берилиўи мөлшерленбекте. Буннан тысқары, Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры және Жәмийетлик ислер қорына 250 миллиард сумнан қаржы бағдарлаў режелестирилген.

Жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм халықты исбилерменликке тартыў есабынан кем тәмийинленгенлердиң санын қысқартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи – келеси жылы шын жетим балаларды турақ жай менен тәмийинлеў ушын бюджеттен биринши мәрте 30 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген. Жуўапкерлерге бул бағдарда жаңа тәртип ҳәм дизимлер ислеп шығыў тапсырылды.

Бюджетти қәлиплестириўде жергиликли кеңеслердиң ўәкилликлерин және де кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Аймақлар өзи ушын қосымша резервлерди анықлаўы, олардың есабынан орынлардағы машқалаларды шешиўге үйрениўи мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев бюджет қәрежетлери ашық-айдын болыўы, министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлар оның ҳәр бир сумын ақылға уғрас жумсаў керек екенлигин атап өтти.

Және бир әҳмийетли мәселе –  финанслық норма ҳәм қадағалаўды күшейтиў. Қаржы министрлигине шөлкемлерде ишки аудит системасын беккемлеў, нызамсыз қәрежетлер ҳәм кемшиликлерге  жол қоймаў бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан былай қәрежетлердиң қурамы ҳәм нәтийжелилигин мәмлекетлик уйымлардың рәсмий сайтларында жәриялаў тәртиби енгизиледи ҳәм буған әмел етпеген басшыларға жәрийма қолланылады. Оны Олий Мажлис палаталары ҳәм жергиликли кеңеслер қадағалайды.

Бас министрдиң орнбасарларына кейинги жыл ушын орайласқан, сырт ел ҳәм жеке меншик инвестиция бағдарламаларын қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте жуўапкерлер усы жылдың ақырына шекем ҳәм келеси жылы бюджет көрсеткишлерин тәмийинлеў бойынша бар қәўип-қәтерлер ҳәм оларды сапластырыў бағдарында исленип атырған жумыслар бойынша есабат берди.

1f75bc7b-9f5e-e3d7-d510-191deea4f29d.jpg

ec1f9206-9fa2-088d-1de7-a4c9362e0e1d.jpg

8930c604-2cd9-684b-b9fb-deeaed10c416.jpg

6cb3df9a-6676-54a1-282f-0cb42d0d5100.jpg

 

ӨзА