Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-октябрь күни пайтахтымыздың Мырза Улығбек ҳәм Юнусабад районларында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Биринши объект Мырза Улығбек районындағы Геология илимлери университети болды. Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 31-январь күни бул жаңа жоқары оқыў орны қурылысының тырнақ тасын қойған еди. Бүгинге күнге келип бир қанша имаратлар бой тиклеп қалды.

geologiya_fanlari_universiteti_uchinchi_renessans_poydevorla.jpg

Жойбар шеңберинде 6 көп қабатлы имарат қурылыўы ҳәм 4ўи реконструкцияланыўы нәзерде тутылған. Ҳәзирги биринши басқышта оқыў корпусы, Нефть ҳәм газ кәнлериниң геологиясы ҳәм излеў институты, Минерал ресурслар институты, Геология ҳәм геофизика институты, Геология музейиниң имаратлары, китапхана, жатақхана қурылмақта.

Президент бул жерге және келип, қурылыс жумыслары ҳәм режелери менен жеке танысқаны бийкарға емес.

– Илим бизиң қанымызда, генимизде бар. Бул орай да үшинши Ренессанс негизлериниң бири, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 24-январьда Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында және 31-январь күни илим ўәкиллери менен ушырасыўда геология тараўын раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Мәмлекетимизде пайдалы қазылмалардың 70 тен аслам түри бойынша 2 мыңнан аслам кәнлер анықланған. Бирақ қазып алыў ҳәм қайта ислеў аңсат болған кәнлер барған сайын азайып баратырғанлығы атап өтилген еди.

Жаңа кәнлер табыў ушын жердиң терең қатламларын үйрениў, қыйын қурамалы кәнлерди өзлестириў бойынша тараўға илимий тийкарланған алдынғы усыллар менен инновациялық технологияларды кеңнен енгизиўди заманның өзи талап етип атырғанлығы атап өтилген еди.

Усы тийкарда мәмлекетимизде жаңа геология системасы жаратылмақта. Президентимиздиң бул тараўға байланыслы 4 қарары қабыл етилди.

Соның ишинде, усы жыл 8-июнь күни «Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети системасында Геология илимлери университетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарына қол қойылды.

Бул университет геология тараўы мүтәжликлери ушын зәрүр қәнигелер таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын ҳәзирги заман талапларына толық бейимлестириў, илим ҳәм әмелият арасында тығыз байланысты тәмийинлеў, жер ҳаққындағы сабақлар, соның ишинде, олардың фундаментал бағдарлары және әмелият арасында реал интеграциялласыў процеси ушын шараятлар жаратыў, илимий қолланбаларды коммерциялластырыўдың анық нормаларын ҳәм нәтийжели механизмлерин енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Яғный, геология илимлери университети тараўдағы илимий мәкемелерди топлаған бир тутас комплекс болады. Оның  қурамына 4 илимий-изертлеў институты кирген. Алдын олар ҳәр жерде жайласқан еди. Сондай-ақ, бул жерге Геология музейи көширип әкелинеди. Тараўдағы мәкемелердиң бир жерде болыўы қәнигелердиң тығыз бирге ислесиўин, студентлердиң илимий лабораторияларда әмелият өтеўин тәмийинлейди. Бул болса имаратларға хызмет көрсетиў ушын да қолайлы ҳәм үнемли.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде илимий-изертлеў институтларының басшылары менен сәўбетлести.

– Илим барлық тараўларды фундаменталь раўажландырыў ушын тийкар. Ертерек  итибар бергенимизде, геологияның барлық бағдарлары бойынша 15-20 процент халықты жумыс пенен тәмийинлеўимиз мүмкин еди. Мине енди илимпазларға шараят жаратыўға ҳәрекет етип, интеллектуаллық мүлкти сақлап, қоллап-қуўатлап атырмыз. Интеллектуллық мүлк оның ийесине де, мәмлекетке де пайда келтиреди, – деди Президент.

Шавкат Мирзиёев бул орайда жаратылатуғын шараятлар менен қызығып, қурылыс сапалы, лабораториялар жоқары технологиялы болыўы керек екенлигин атап өтти.

– Тийкар беккем болыўы керек. Биз бул университетти келешек ушын қурып атырмыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул жерде жойбардың екинши басқышы таныстырылды. Бул басқышта Мәмлекетлик геология комитетиниң имараты, Геология мәлимлеме орайы, Геоинновициялық технологиялар орайы, автомобильлердиң турыў орнын қурыў режелестирилген.

Президентимиз пайтахтымыздағы Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологияларының технологиялық паркинде де болды.

Комплексли шоу-румында қурылысы басланған имаратлар, оларда болатуғын шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептеги оқыўшылардың қатнасыўында жаратылған программалық өнимлер көрсетилди.

489fea7d-824e-93cd-2382-71103d8f11b3.jpg

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанның Бозатаў районындағы IT-орайында билим алып атырған балалар менен видеоконференцбайланыс арқалы сөйлести.

Жуўапкерлерге Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мектеп пенен аймақлардағы мәлимлеме технология мектеплериниң интеграциясын тәмийинлеў, жаслардың заманагөй технологияларға қызығыўшылығын дурыс бағдарлап, жетик қәнигелер етип таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Гезектеги қурылыс жумыслары көзден өткерилди.

Усы заманагөй комплекстиң қурылысы өткен жылы 2-ноябрьде басланған еди. Бул жерде басқышпа-басқыш 17 имарат, соның ишинде, 20-25 қабатлы офис имаратлары, 22 қабатлы мийманхана, университет, конференция залы, коворкинг орайы ҳәм басқа да объектлер қурылады. Объектлер 9 баллық жер силкиниўине шыдамлы болады. Жер астында 3 қабатлы автомобильлер турыў орны қурылады. Комплекс аймағында кафе ҳәм ресторанлар, дүканлар, мешит, спорт орайлары, дем алыў орынлары да болады.

Бул IT-парктиң дәслепки 2 имараты пайдаланыўға тапсырылған. Оларда ең заманагөй қолайлықлар жаратылып, перспективалы стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша инкубация ҳәм акселерация бағдарламалары шөлкемлестирилген. IT – парк резидентлери сыпатында дизимнен өткен кәрханалар 2028-жыл 1-январьға шекем салықлар ҳәм бажыхана төлемлеринен азат етилген.

Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Юнусабад районында қурылып атырған Ташкент Архитектура-қурылыс институтының жаңа имаратын барып көрди.

Қурылыс жумыслары быйылғы жылдың июль айында басланған еди. 5 қабатлы еки оқыў корпусы, 8 қабатлы ҳәкимшилик имарат ҳәм 4 қабатлы жатақхана  бой тиклемекте.

Бүгинги күнде институтта 5 мың 400 ден аслам студент билим алады. 2020/2021 оқыў жылынан кредит-модуль системасына өтиў нәтийжесинде 18 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 23 магистратура қәнигелиги ашылды. Болажақ қурылысшыларға заманагөй билим бериў мақсетинде «ақыллы» үйлер ҳәм қалалардың инфраструктурасын жойбарлаў, мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги, объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы сыяқлы жаңа бағдарлар  программаға киргизилди.

Имаратлар пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, студентлерди қабыл етиў көлеми ҳәм билимлендириўдиң сапасы артады.

– Соңғы жыллары мәмлекетимизде қурылыс тараўы раўажланды, үлкен объектлер, заводлар, үйлер қурылмақта. Бирақ ким жойбарлап атыр, ким қурып атыр, қалай қурып атыр, деген сораўлар күнделикли турыпты. Бул жерде заманагөй қурылыс индустриясына тән жоқары маманлықтағы қәнигелер таярланыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы институт жанындағы 8-автобус сарайына да кирип көрди. Бул автопаркти басқа жерге көширип, заманагөй шараятлар жаратып бериў, оның орнында қурылыс материаллары бойынша илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў усынысы блдирилди.

– Бул аймақ қурылысшылар массиви болыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Архитектура-қурылыс институтының оқытыўшылары, илимий-изертлеў орайының қәнигелери ҳәм олардың шаңарақлары ушын социаллық объектлер де қурылыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы пайтахтымызда қурылып атырған «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети академиясының жаңа имаратлары менен танысты.

Мәмлекетимизде жоқары интеллектуал потенциалға, заманагөй пикирлеў қәбилети ҳәм дүньяқарасына ийе, мәмлекетимиз мәплерин және суверенитетин пидайы қорғаўға уқыплы болған жас әўладты тәрбиялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Президентимиздиң 2019-жыл 28-июньдағы «Жас өспиримлерди әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм мәмлекетлик хызмети ушын резервтеги таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен әскерий тараўдағы министрликлер ҳәм уйымлар қурамында «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлерин шөлкемлестириў белгиленген еди.

«Темурбеклер мектеби» шын мәнисинде ўатансүйиўши әўладларды тәрбиялаў әскерий билимлендириў мәкемеси болып есапланады. Бул орайда халқымыздың руўхый-ағартыўшылық қәдриятларына садық, ҳадал, ўатансүйиўши, миллий мақтанышы жоқары, уллы ата- бабаларымыз, бәринен бурын, Әмир Темурдың бийбаҳа мийрасын терең үйренген, исенимли турмыслық көзқараслар ҳәм белсене пуқаралық позициясына ийе оқыўшылар тәрбияланады.

Қарарға муўапық, «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлерин шөлкемлестириў ҳәм олардың оқыў-тәрбия процесин жетилистириў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. 2020/2021 оқыў жылынан усы билимлендириў мәкемелерине оқыўшылар қабыл етилди.

Пайтахтымыздағы «Темурбеклер мектеби»не де таңлаў тийкарында 100, сондай-ақ, жеңиллик тийкарында Меҳрибанлық үйлериниң тәрбияланыўшылары, қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 10 перзенти, улыўма 110  оқыўшы қабыл етилди.

Оқыў орайының жеке қурамы да таңлаў арқалы қәлиплестирилди. Яғный, 660 оқытыўшы арасынан 21 жоқары билимли ҳәм тәжирийбели педагог кадрлар таңлап алынды.

Қарардағы тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын алдынғы әскерий-академиялық лицейлер ҳәм «Темурбеклер мектеплери»ниң жумысы үйренилди. Нәтийжеде «Темурбеклер мектеби»не тән оқыў мәкемесиниң анық бағдарламасы ислеп шығылды. Онда илимлераралық интеграция ҳәм интенсивлик билимлендириў инабатқа алынған болып, бир-бирине тығыз байланыслы  илимлер интеграциясы тийкарында оқытылады. Нәтийжеде еки жыллық билимлендириў стандартын бир жылда өзлестириў нәзерде тутылған.

Мектеп еки жыллық болып, ана тили ҳәм шет тиллер терең үйрениледи. Оқыўшылар екинши жылы еркин сабақларға бағдарланады.

Мәмлекетимиз басшысына «Темурбеклер мектеби»ның жумысы, оқыў процеси, қурылып атырған жаңа имаратлар ҳәм объектлер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мектеп ушын оқыў корпусы, жатақхана, асхана қурылмақта, академияның  бар имаратлары реконструкцияланбақта. Комплексте, сондай-ақ, физикалық-әскерий шынығыўлар майданы, автодром, плац ҳәм басқа объектлер болады.

Президентимиз мектепте ана тили ҳәм тарийх сабақларынан тысқары, шет тиллерди  толық оқытыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Бул орайда ҳақыйқый ўатансүйиўши әўлад тәрбияланыўы зәрүр. Мектепте сондай шараят жаратыў керек, бул жерде билим алып атырған жаслар әмкерий тараўлар кадрлары резервин толықтырыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиеёев.

Мәмлекетимиз басшысы жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оқыўшыларға елимиз тарийхын ҳәм миллий қәдириятларымызды терең үйретиў, сабақларға ҳәр бир пән бойынша жетекши педагогларды тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети академиясына бүгинги заманагөй қарама-қарсылықларға  қарсы тура алатуғын қәниге кадрлар таярлаў бойынша усыныслар берилди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршылары