Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Progress In International Reading and Literacy Study   (PIRLS) – баслаўыш класс оқыўшыларының текстти оқыў ҳәм түсиниў дәрежесин баҳалаў бойынша қарақалпақ тилинде тәжирийбе сынақ жумыслары басланды.

Бул илаж Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Халық билимлендириў системасында билимлендириўдиң  сапасын баҳалаў  тараўындағы халықаралық  изертлеўлерди шөлкемлестириў  илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында өткерилмекте.

Тәжирийбе сынақ  жумыслары 21-22-октябрь күнлери  Әмиўдәрья районындағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-31-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде өзбек тилинде өткерилиўи белгиленген.

PIRLS халықаралық баҳалаў бағдарламалары изертлеўлери IEA Гамбург шөлкеми тәрепинен таңлап алынған болып, республикамыз  бойынша жәми  28 мектеп бул тәжирийбе сынақ ушын таңлап алынған.

Тәжирийбе сынақ жумыслары 19-23-октябрь күнлери аралығында өткериледи.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы