Социаллық тармақлар ҳәм Telegram каналларында 25-октябрь сәнесинен транспорт шеклеўи және қайтадан тиклениўи, дем алыс күнлеринде автотранспортлардың ҳәрекетлениўине шеклеў орнатылыўы ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта.

 

Мәлим болыўынша, бул хабарлар тийкарсыз, жалған хабарлар болып, ҳақыйқатқа туўра келмейди.

 

Усы орында соны мәлим етип билдиргимиз келеди, халық арасында ҳаўлықпалы хабарларды тарқатқаны ушын да жынайы жуўапкершилик белгиленген.

Анықлаў етип айтқанда, халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған материалларды таярлаў ямаса тарқатыў мақсетинде сақлаў 44 миллион 600 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 1 жылдан 3 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў яки болмаса 3 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған мағлыўматлар ҳәм материалларды ҳәр қандай формада тарқатыў 66 миллион 900 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.