Иммунитет пенен уйқы бир-бирине тығыз байланыслы. Сонлықтан, инсан уйқыға тоймаса, иммунитети айрықша қәўип астында қалады. Демек ҳәр күни нормада уйықлаң.

Жаңадан туўылған нәресте кейинги 3 ай даўамында бир суткада 14-17 саат уйқылаўы зәрүр.

11 айлық нәрестелердиң суткалық уйқы муғдары болса 12-15 саат созылады.

1 жастан 2 жасқа шекемги балалардың күнлик уйқы саатлары 11-14 саат болыўы мақсетке муўапық.

3 жастан 5 жасқа шекемги балалар болса күн даўамында 10 сааттан 13 саатқа шекем дем алыўы керек болады.

Мектеп жасындағы балалардың суткалық уйқы саатлары 6 сааттан кем болмаўы усыныс етиледи. Олар ҳәттеки 13 саатқа шекем дем алыўы керек.

14 ҳәм 17 жас аралығындағы өспиримлер 9 ямаса 10 саат жатып дем алыўы керек.

18-25 жас аралығындағы инсанларда суткалық уйқы муғдары 7 сааттан 9 саатқа шекем созылыўы жүдә пайдалы. Оған 26 ҳәм 64 жас аралығындағы инсанлар да әмел етсе болады.

65 жастан жоқары болған кексе инсанлар болса күн даўамында кеминде 8 саат уйықлаўы керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги