Өзбекстанда 2020-жылдың 9 айы даўамында нәрестелерге ең көп Солиҳа ҳәм Муҳаммедали аты қойылған. Солиҳа аты 1 601 нәрестеге, Муҳаммедали аты болса 1 582 ул балаға қойылған.

2019-жылда да өзбекстанлылар перзентине ең көп қойылған ат Муҳаммедали (11 521) ҳәм Солиҳа (12 703) еди.

Өткен жылда ул балаларға ең көп Муҳаммедали, Мустафа, Абдуллоҳ, Имранбек, Муҳаммед атлары, қыз балаларға болса Солиҳа, Муслима, Имона, Мубина, Шүкирана атлары қойылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги